Халықты дизимге алыў бойынша оқыў семинары шөлкемлестирилди

Халықты дизимге алыў бойынша оқыў семинары шөлкемлестирилди

09.08.2022 09:35:59 143 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “θзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў
илажлары ҳаққында”ғы 710-санлы қарары талапларын Шымбай районында орынлаў мақсетинде районлық Халықты дизимге алыў бөлиминде Регистратор (үй-жай дизимин қәлиплестириўши) хызметкерлерди оқытыў ҳәм көнликпелерин асырыў бойынша оқыў семинары болып өтти.

Семинарға районлық Статистика бөлими баслығы Ф.Еримбетов, Халықты дизимге алыў бөлими баслығы
Ө.Ибраймов ҳәм жаңадан тайынланған үй-жай дизимин қәлиплестириўши хызметкерлер қатнасты.

Семинарда жаңадан тайынланған үй-жай дизимин қәлиплестириўши хызметкерлердиң ўазыйпасы, жумыс алып барыў тәртиби, сондай-ақ аймақлардың схематик режесине анықлық киритиў бойынша нәтийжели жумыслар алып барыў кереклиги түсиндирилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content