Елимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери бир-бирине ҳүрмет ҳәм беккем аўыз биршилик пенен турмыс кеширмекте.
Президентимиз басламасы менен 30-июль сәнесин “Халықлар дослығы күни” сыпатында кең түрде белгилеў бойынша нызам қабыл етилди. Бул болса көп миллетли елимизде миллетлер ара татыўлықтың жоқары басқышқа шығыўына негиз жаратты.
Сәне мүнәсибети менен бүгин Шымбай районында болып өткен байрам илажында дәслеп елимизде жасаўшы халықлардың мәдениятын өзинде сәўлелендирген миллий қол өнерлери ҳәм миллий кийимлер көргизбелери жыйналғанлар нәзерине усынылған болса, көркем-өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт тамашалары жыйналғанларға бир әлем заўық бағышлады.