Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, қабыл етилип атырған қарар ҳәм нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин халыққа жеткизиў ҳәм жәмийетте жаслардың ҳәр түрли ағымлар тәсирине түсип қалыўының алдын алыў мақсетинде райондағы жәмлеспеген жаслар менен үгит-нәсият илажлары районымыз көлеминде дерлик ҳәр күни өткерилмекте.Бүгин район ҳәкимлигиниң үлкен мәжлислер залында ҳәр бир сектор аймағындағы жаслар менен ислесиӯди еле де күшейтиӯ бойынша ашық сәӯбет болып өтти.Илажға районымыздағы тийисли мекеме басшылары қатнасты.