Мәмлекетимизде пенсионерлерди социаллық қоллап-қуўатлаӯды жәнеде кушейтиӯ, кексе жастағыларды ҳәр тәреплеме ғамхорлық қылыӯ, пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты дизимин жетилистириӯ ҳәм дизимдеги тосықларды алып таслаӯ бойынша унамлы ис-харекетлер әмелге асырылмақта.
Бүгинги кунде мәмлекетлик пенсияларын тайынлаӯда 30 турдеги ҳүжжет талап етилетин еди. Оларды усыныӯға жуӯапкер 14 тен артық министрлик ҳәм кәрханаларда мәлимлеме дизимлери, электрон ресурс ҳәм мағлыӯматлар базалары болмағанлығы себепли, қағаз жүзинде ис алып барыӯдан ӯаз кешиӯ ҳәм ҳүжжетлерди жыйнаӯ ӯақтын санластырыӯға тосқынлық етип келмекте.
Мәмлекет пенсияларын есаплаӯ ушын зәрур мағлыӯматлар электрон базасын жаратыӯ, усы бағытты әпиӯайыластырыӯ, пуқаралардың әӯерегершилигинин алдын алыӯ, пенсия ҳәм напақаларды апарып бериӯ дизимин жәнеде беккемлеӯ, сондай-ақ, усы жөнелисте беккем бәсеке орталығы ҳәм заман стандартларын усынып барыӯ мақсетинде мәмлекетлик пенсияларын тайынлаӯда пуқаралардан мийнет стажы, ис ҳақы, жоқары оқыӯда оқыӯ ҳәмде әскерий ҳызмет дәӯири ҳаққындағы ҳужжетлерди талап етиӯ бийкар қылынады. Бунда, пенсияға шығыӯ ҳуқықы пайда болған ӯақтында ислемейтуғын пуқараларға өзлериниң мийнет дәптершесиндеги мийнет стажы туўрысындағы мағлыӯматларды Бәнтликке көмеклесиӯ орайына мурәжәәт етиӯ арқалы «Бирден бир мийнет дизими» мекемелер ара дәстурий-аппарат комплекси (кейинги орынларда ББМД МАДА) ға киритиӯ ҳызмети енгизиледи.
Мәмлекетлик пенсияларын тайынлаӯ ББМД МАДАға киритилген электрон мағлыӯматлар тийкарында әмелге асырылады. Бунда, мийнет стажы, ис ҳақы, жоқары оқыӯ орынларындағы оқыӯ ҳәмде әскерий хызмет дәӯири туўрысындағы ҳужжетлер Пенсия қоры тәрепинен ББМД МАДАдан пайдаланылған ҳалда электрон мағлыӯматлар алмасыӯы тийкарында алынады.
Мәмлекетлик пенсияларын тайынлаӯ ушын пуқаралардан тек ғана паспорт яки идентификация ID-картасы талап етиледи.