Шахтемир мәкан пуқаралар жыйынында бүгинги күнде 600 хожалық болып халык саны 3281 ди қурайды.Бул аймақта ҳәким жәрдемшиси Айдос Дәӯлетмуратов жумыс алып бармақта.
-Мәҳәллемизди толығы менен хатлаӯдан өткерип.Жумыс ислеӯ, исбилерменлик пенен шуғылланыӯ нийетин билдирген 228 пуқараны анықладым. Усы күнге 62 пуқараға 757 млн кредит жениллетилген кредитлер ажратылып олардан ҳаяллар дәптериндеги 12 ҳаял- қызларға, жаслар дәптеринде турған 31 жасларға алып берилип өзин -өзи бант етиӯге ерисилди. Ҳаяллар дәптеринде турған 6 пуқараға субсидия есабынан тигиӯ машиналары, 2 жумыссыз пуқарамызда суӯғарыӯ үскенелери, 6 пуқарамызға ыссықханалар алып берилди. Егис жерлерин ижараға бериӯ мақсетинде жаслар дәптеринде турған 6 пуқарамызға жерлер ажратылып өз жумысын баслап жиберди.Сондай – ақ 43 пуқарамыз кәсип- өнер ҳәм исбелерменлик жөнелисинде моно орайларда оқытылып атыр.Және аймағымыздағы 3 жуӯапкершилик шекленген жәмийетлерин шөлкемлестирилип, ҳәр бирине 225 млн нан кредит ажратылып өз исбилерменлик жумысларын баслап жиберди олардан Шымбай «КАР – Сервис» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети автомашиналарды техник көриктен өткериӯ хызмети кәрханасын ашып өз жумысын баслап жиберди. «Гарант –Строй» кәрханасы ун ҳәм ун өнимлерин кайта ислеп печенье ислеп шығарыӯ менен шуғылланып атыр. Аймағамыздан еки жумыссыз уста пуқара анықланып. Олардың өз кәсиби тийкарында кооперация шөлкемлестирилди –дейди ҳәким жәрдемшиси.