Тил миллеттиң айнасы. Миллетлер бири екиншисинен тили арқалы ажыралып турады. Ҳәр бир инсанның руўхын оның ана тили көтереди, тили арқалы зейни ашылады, дүньяны таныйды, өзин танытады, тили арқалы мақтанады, дәртин, қуўанышын айтады, оннан өзине мәдет-күш, илҳәм алады. Тил тарийхтың, әдебияттың, халықтың үрп—әдетлерин сақлап, оны таза сап ҳалында келешек әўладқа жеткерип бериўши қурал. Өз ана тилиңде дурыс, анық, түсиникли етип орынлы жерде ғана сөйлесең тилиңди әлпешлеп, қәдирлеген боласаң Ҳақыйқатында да, немец философы Гегелдиң «Билимлиликтиң ең баслы шәрти ана тилиңде сөйлеў менен оны сыйлаўдан басланады» деген даналық гәпи жүдә дурыс. Адам әдепли болыўға неше мәртебе умтылғаны менен ол қопал сөйлесе, итибарсыз, арсыз болса, бундай адамның әдеп-икрамлы болыўға умтылыўы бийкарға кетеди. «Әдептиң басы – тил» деп дана халқымыз бийкарға айтпаған. Инсан ҳәр бир айтқан сөзин өз ана тилинде сап таза ҳалында тыңлаўшыға жеткерип бериўи керек. Тил тазалығы – ой тазалығы. Сөйлеўши тыңлаўшы адамға ойын тили арқалы жеткерип береди. Тыңлаўшыға айтылып атырған сөз анық, дурыс жетип барылыўы керек. Ҳәзирги раўажланған заманда турмысымызға енип атырған жаңаланыўлар, өзгерислер жас әўладқа қаншелли унамлы тәсирин тийгизиўи менен бирге, унамсыз тәреплеринде тийгизип атырғанлығын көремиз. Себеби көпшилик жаслар аўызеки сөйлеў менен бирге телефонда бир-бирине хабар алысып атырғанда қопал қәтелерге жол қояды.Сөзлерди сырттан кирген сөзлер менен орынсыз аралыстырып сөйлеп ямаса жазып атырғанларынын гуўасы боламыз. Уллы данышпанлардың бири «Сырттан кирген сөзлерди ана тилиңе араластырып сөйлеў, ана тилиңниң раўажланыўына урылған балта» деген еди. Мәселен: Привет, шоу, давай, смс жибер. Үйге баратпан -баратырман, мектептен киятпан– киятырман, өтирип бер – өткерип бер, салоўмалейкум – ассалаўма алейкум, сейған –саған, мейған- маған. Бул келтирилген мысаллар бүгинги күнде аўызеки сөйлеўде тиликке қарсы күнделикли турмысызда ушырасып атыр. Бул әлбетте, ойландырарлық жағдай. Келешегимиз болған жасларға ана тилимиздиң қандай бай екенлигин олардың қәлбине сиңдирип барыў, тилдиң бай имканиятларының шексизлигин, ширели, тилдиң қаймағы болған нақыл – мақалларымыздың тийисли, орынлы жерлерде қоллана билиўине имканият ҳәм түсиник берип барыў, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлерине үлкен ўазыйпа жүклейди. Оқыўшылардың ана тилинде сап таза сөйлеўине, тил байлығының раўажланыўында әдебий китаптың тутқан орны айрықша . Себеби оқыўшы әдебий китап оқыў арқалы шығармадағы қатнасыўшылардың сөзлеринен өзлерине үлги алады. Себеби көркем шығарма – бул адамның ишки дүньясын байытады, тил байлығын өсиреди, өз ана тилинде сап таза сөйлеўине тийкар болады. Инсанда жоқары адамгершилик пазыйлетлерди қәлиплестиреди. Гөззаллықты, ийбеликти, туўрылықты түсиниўге адамларға жақсылық ислеўге тәрбиялайды. «Турпайылық етип, әлпайымлық излеме» – деп ескертеди дана халқымыз. Әлбетте, адамлар бир- бири менен қарым –қатнас пайытында дурыс, анық, әлпайым сөзлер менен қатнас жасаса, өзиниң тыңлаўшыдан алатуғын жуўабы да сол тақылетте болады.
Сөзлерди қәте айтыўдың өзи тилдиң тазалығына өз тәсирин тийгизеди. Мысалы: Адамлар бир –бирине миннетдаршылық билдирсе көп-көп рахмет, ямасы рахметлерр деп айтады. Миннетдершылықтың көби яки азы, үлкени яки кишиси болмайды, бул сөйлеўдиң дурыслығына сәйкес келмейди. «Ақыл көрки тил- тилдиң көрки сөз» -деген даналық гәп бар. Сөйлеўдиң дурыслығына итибар бериў, оған ерисиў ушын ҳәрекет етиў бизиң ҳәрбиримиздиң азаматлық миннетимиз болып есапланады. Соның ушын да қаракалпақ тилиниң сап тазалығына итибар берейик.
Шымбай районылқ ХББ не қараслы 41-санлы мекетептиң жоқары категориялы қарақалпақ тили
ҳәм әдебияты пәни муғаллими Бахтыгүл Бухарбаева