Өзбекстан Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниӊ бас қәнигеси, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, бир неше поэзиялық топламлардыӊ авторы, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты, белгили шайыр Гулжамал Асқарова ҳәм де жас шыйыр, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты Феруза Хайруллаевалар бүгин районымызда мийманда болды. Дәслеп мийманлар өнермент Азамат Турекеевтиӊ «Қара үй» соғыў устаханасы ҳәм миллий өнерментшилик буйымлары орын алған мийманхана ҳәм үй мүзейинде болып, халқымыздыӊ көп әсирлик үрп-әдет, дәстүрлери менен танысты.
Сондай-ақ, «Темир жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы бир неше шаӊарақлардағы ҳаял-кызлар менен шаӊарақтағы руўхый орталықтыӊ саламат болыўы көбирек ҳаял-қызларымызға байланыслы екенлиги бойынша сәўбетлести.
Буннан соӊ 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде жас талант ийелери болған дөретиўши қызлар менен ушырасыў өткерилип, олардыӊ қәлемине тийисли дөретпелерден тыӊлады, оларға поэзияда қәлем тербетиў бойынша кишигирим «шеберлик сабақлары»н да өткерди. Мийманлар Қарақалпақ аўыл-хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты Академиялық лицейиндеги Ибрайым Юсупов атындағы мемуар музейинде де болып, шайырдыӊ өмири ҳәм дөретиўшилигине тийисли жаӊадан-жаӊа мағлыўматлар менен танысты.