Өзбекстан Республикасыниң 2021-жыл 30-декабрь кунги «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы 742-санлы нызамының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 11-январь кунги «Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы бюджет параметрлери ҳаққында»ғы 9-13-0-Q/22-санлы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жыл 6 айы даўамында район жергиликли бюджетиниң орынланыӯын усынбақшымыз.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 2022-жыл 10-январь кунги «районның 2022-жылғы бюджетин тастыйықлаӯ ҳаққында»ғы VI-31-2-13-192-К/21-санлы шешими ҳәм Шымбай районы ҳәкиминиң 2022-жыл 13-январь кунги 4-13-192-Q/22-санлы қарары тийкарында Шымбай районы жергиликли бюджети жәми 138 млрд. 061 млн. 171 мың.сӯмға белгиленип тастыйықланды. Соннан жергиликли бюджет дәраматлар режеси жәми 38 млрд. 511 млн.сӯмды қурап Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен жәми 99 млрд. 550 млн. 171 мың сӯмлық трансфертлер ажыратылыӯы белгиленген еди.
2022-жыл ушын тастыйықланған Шымбай районы жергиликли бюджетиниң 6 айы даўамында орынланыўы төмендегише болды.
Дәраматлар бөлеги:
Шымбай районы жергиликли бюджетине 2022-жыл 6 айы даўамында жәми 8 млрд. 799 млн. 265 мың сўм түсим режелестирип соннан жәми 11 млрд. 021 млн. 713,7 мын сўм түсим болды яғный реже 125,3 пайызға 2 млрд. 222 млн. 448,7 мыӊ сўмға артык орынланды.
Карханалар айланбасына салынатуғын салық усы жылдың 6-айы ушын 1 млрд 865 млн 372,0 сўм белгиленип 2 млрд 179 млн 518,4 сўм салық өндирилип 116,8 пайызға орынланды.
Жеке тәртиптеги исбилерменлерден алынатуғын қатаң салық усы жылдың 6-айы ушын 538 млн 398,0 сўм белгиленип 550 млн 369,6 сўм салық өндирилип 102,2 пайызға орынланды.
Юридик тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық усы жылдың 6-айы ушын 422 млн 879,0 сўм белгиленип 587 млн 819,4 сўм салық өндирилип 139,0 пайызға орынланды.
Физикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық усы жылдың 6-айы ушын
829 млн 487,0 сўм белгиленип 896 млн 039,8 сўм салық өндирилип 108,0 пайызға орынланды.
Юридик тәреплердиң жер салыгына салынатуғын салық усы жылдың 6-айы ушын
823 млн 797,0 сўм белгиленип 1 млрд 544 млн 019,8 сўм салық өндирилип 187,4 пайызға орынланды.
Физикалық тәреплердиң жер салыгына салынатуғын салық усы жылдың 6-айы ушын
3 млрд. 609 млн 968,0 сўм белгиленип 4 млрд 280 млн 263,7 сўм салық өндирилип 118,6 пайызға орынланды.
Шымбай районлық финанс бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 29-июнь күнги 445-санлы “Жергиликли бюджетлердиң дәраматлар базасын беккемлеў қорларын анықлаў жумысларын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳақкында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў максетинде белгиленген ис-режелер тийкарында қосымша дәраматлар табыў бойынша жумыслар алып барылды.
Атап айтқанда 72 жағдайда жер ҳәм мал мүлк салығынан, жеке тәртиптеги исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар есабынан 138 жағдайда, ўлыўма аўқатланыў кәрханалары есабынан 37 жағдайда жәми 590 млн. 910,7 мың сўмлық қосымша дәраматлар дереги анықланып Шымбай районлық салық инспекциясына хат арқалы усыныслар берилди.
Финанс бөлими жуўапкер хызметкерлери тәрепинен қосымша дәраматларды жергиликли бюджетке өндириў менен байланыслы жумыслар ҳәзирги күнде даўам еттирилип атыр.
Қәрежетлер бөлеги:
Шымбай районы жергиликли бюджети 2022-жыл 6 айы даўамында қәрежетлер режеси жәми 107 млрд 234 млн 709 мың сўмды қурап, касса қәрежети 92 млрд 705 млн 995 мың сўм, яғный режеге салыстырғанда 86,5 пайызға орынланды.
Соннан:
– Халық билимлендириў тараўына 2022-жыл 6 айы даўамында 7 млрд 941 млн 333 мың сўм қаржы режелестирилип соннан 5 млрд 339 млн 682 мың сўм касса болып 67,2 пайызға орынланды.
– Мектепке шекемги билимлендириў тараўы қәрежетлери режеси 10 млрд 746 млн 916 мың сўм болып, касса қәрежети 7 млрд 675 млн 690 мың сўмды қурап режеге салыстырғанда 71,4 пайызға орынланды.
– Ден саўлықты сақлаў тараўы кәрежетлери режеси 33 млрд 730 млн 148 мың сўмды қурап, соннан касса қәрежети 30 млрд 026 млн 534 мың сўм болып 89,0 пайызға орынланды.
– Физикалық тәрбия спорт тараўына 1 млрд 645 млн 581 мың сўм қаржы режелестирилип 1 млрд 636 млн 754 мың сўм касса қәрежети болып 99,2 пайызға орынланды.
– Мәденият тараўына 735 млн 507 мың сўм қаржы режелестирилип, касса қәрежети
731 млн 576 мың сўмды қурады, режеге салыстырғанда 99,5 пайызға орынланды.
– Басқарыў уйымлары қәрежетлери режеси 12 млрд 345 млн 874 мың сўмды қурап, касса қәрежети 8 млрд 957 млн 822 мың сўм болып режеге салыстырғанда 72,6 пайызға орынланды.
– ϴзин өзи басқарыў уйымлары кәрежети режеси 1 млрд 467 млн 745 мың сўм болып, соннан касса қәрежети 1 млрд 455 млн 483 мың сўмды қурады, яғный 99,2 пайызға орынланды.
– Абаданластырыў кәрежетлери режеси 7 млрд 677 млн 485 мың сўм болып, касса қәрежети 7 млрд 171 млн 577 мың сўмды қурап 93,4 пайызға орынланды.
– Бейимлестириў орайы қәрежетлери режеси 35 млн 834 мың сўмды қурап, касса қәрежети 35 млн 534 мың сўм болып режеге салыстырғанда 99,2 пайызға орынланды.
– Аўыл хожалығы қәрежетлери режеси 2 млрд. 416 млн. 011 мың сўм болып, соннан касса қәрежети 2 млрд. 415 млн. 975 мың сўмды қурады, яғный 100 пайызға орынланды.
– Напақалар ушын 6 айы даўамында 26 млрд 005 млн 384 мың сўм қаржы ажыратылып толығы менен 100,0 пайызға орынланды.
– Район ҳәкимлигиниӊ сақлаў қоры қаржыларынан жәми 2-шеректе 1 млрд 149 млн 910 мың сўм қаржы режелестирилип 1 млрд 060 млн 538 мыӊ сўм жумсалды.
Жоқарыдағылардан келип шығып, район жергиликли бюджет дараматлар базасын исенимли дереклер тийкарында жәнеде көбейтиўге ҳәммени тәртипли салық төлеўши болыўға шақырамыз. Себеби салық төлемлериниң өз ўақтында ҳәм толық төлениўи район социал-экономикалық дәрежесиниң көтерилиўине, халықтың жасаў шараятларының буннан былайда жақсыланыўына хызмет етеди.
Шымбай районы
финанс бөлими баслығы: П.Ибраимов