Тийкарғы мақсетимиз тынышлық, миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў

Тийкарғы мақсетимиз тынышлық, миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў

23.07.2022 16:45:16 120 Баспаға шығарыў

Шымбай районы ҳәкимлиги үлкен мәжилислер залында Өзбекстан Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети баслығыныӊ биринши орынбасары Парпибаева Озода Абдукадировна, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығыныӊ орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-кызлар комитети баслығы М.Ахмедова, депутат ҳаял-қызлар, райондағы басшы ҳаял-қызлар, нураный аналар ҳәм де мәҳәллелердеги белсенди ҳаял-қызлар қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Илажда, тийкарынан, бүгин елимизде «инсан қәдирин улығлаў» бағдарында алып барылып атырған өзгерислер, жаӊаланыўлар, тынышлық ҳәм татыўлықты, миллетлер – ара аўызбиршиликти сақлаў, мәҳәлле ҳәм шаӊарақта саламат руўхый орталықты қәлиплестириў, бунда әлбетте, шаӊарақ уйтқысы, келешек әўлад тәрбияшысы болған ҳаял-қызлардыӊ орны, тәсири айрықша екенлиги сөз етилди. Сондай-ақ, көп жыллық турмыслық тәжирийбеге ийе нураный аналарымыздыӊ шаӊарақ беккемлиги, онда кәмалға келип атырған перзентлер тәрбиясы мәселеси бойынша билдирген пикир ҳәм усыныслары айрықша тәсир қалдырды. Ушырасыў жуўмағында халқымыз арасында абыройға ийе нураный аналар ҳәм белсенди ҳаял-қызларды мәҳәллелерге бириктирип, барлық орынларда усындай илажларды шөлкемлестириў белгилеп алынды.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content