Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң инспекторлары тәрепинен 2020 – жыл Шымбай районында көп жыллық тереклерди анықлаў ҳәм үйрениў жумыслары әмелге асырылды. Үйрениў жумыслары нәтийжесинде райондағы «Гүжим», «Бахытлы», «Қостерек» АПЖ аймақларында бир әсирден көп ўақыттан берли өмир сүрип киятырған 8 түп гүжим тереги анықланған. Бул көп жыллық тереклер мәмлекетлик қадағалаўға алынып, район ҳәкимлиги тәрепинен бул тереклер «Миллий тәбият естелиги» деп баҳаланған.