Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапары даўамында берилген тапсырмаларына тийкар Шымбай районы “Майжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 54-санлы шанарақлық поликлиникасына 3 млрд. 926 млн.сўмлық қосымша имарат қурыў, тез жәрдем шақапшасының автотранспортлары ушын турар орын қурыў белгиленген. Бүгин усы аймақта 54-санлы шанарақлық поликлиникасының қурылыс жумыслары менен район ҳәкими А.Тажетдинов танысты ҳәм қурылысшыларға ҳармасын айтты.Бүгинги күнде бул жумысларды әмелге асырыў ушын таңлаўдан “ФАРХОД САНТЕХ ВЕНТИЛИЯЦИЯ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жеңип алып қурылыс жумыслары баслап жиберилди.