Лизинг шәртамасы ҳаққында

Лизинг шәртамасы ҳаққында

29.06.2022 08:31:29 158 Баспаға шығарыў

Ҳәмме тараӯлар қатары мәмлекетимиздиӊ аӯыл хожалығын реформалаӯ мәмлекетимиздиӊ айрықша итибарында. Экономикамызда аӯыл хожалығы айрықша орын тутқанлығын итибарга алатуғын болсақ, бул барада ерискен жетискенликлеримиз ҳәмме салалардағы реформалар жетискенлигиниӊ гиреӯи болып табылады.

Дуньядағы раӯажланған мәмлекетлер тәжрийбесин итибарға алған ҳалда аӯыл хожалығында фермерликке кеӊ жол ашылды. Бул саланы раӯажландырыӯ ушын көплеп Нызамлар, нызам асты хүжжетлери қабыл қылынбақта.

Лизинг шәртнамасы лизинг бериӯши бир тәреп лизинг алыӯшы екинши тәрептиӊ тапсырмасына көре үшинши тәреп пенен лизинг алыӯшы ушын мал-мүлк сатып алыӯ хаққында келисим мәжбүриятын алып, лизинг алыӯшы бул ушын лизинг бериӯшиге лизинг төлеӯ мәжбүриятын алады.

Лизинг шәртнамасыда лизинг төлеми, лизинг алыӯшы менен лизинг бериӯшиниӊ хуқық ҳәм мәжбүриятлары көрсетиледи. Лизинг төлеми лизинг бериӯшиге лизинг объекти баҳасыныӊ лизинг алыӯшы тәрепинен қапланыӯы, сондай-ақ лизинг бериӯшиниӊ пайызлары дәраматынан ибәрат.

Лизинг бериӯшиниӊ мәжбүрияты ҳәм жуӯапкершилиги  лизинг бериӯши лизинг объектин лизинг алыӯшыға шәртнама шәртлерине жуӯап беретуғын жағдайда ҳәм келисилген мүддетте тапсырыӯы шәрт. Лизинг бериӯшиниӊ айыблы хәрекетлери ямаса жол қойылғанн кемшиликлер себепли мал-мүлк жеткизип берилмеген, толық жеткизип берилмеген, мүддети кешиктирип жеткизип берилген яки тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған мал-мүлк жеткизип берилген болса буныӊ лизинг алыӯшы алдында жуӯапкер.

Лизинг алыӯшы мал-мүлк жеткизип берилмеген, толық жеткизип берилмеген, мүддети кешиктирип жеткизип берилген яки тийисли дәрежеде сыпатлы болмаған мал-мүлк жеткизип берилген болса егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса лизинг төлемлерин тоқтатып турыӯ, жеткизип берилген мал-мүлкти қабылламай лизинг шәртнамасын бийкарлаӯды талап қылыӯға ҳақлы. Лизинг шәртнамасы мүддетинен алдын бийкар кылынғанда лизинг алыӯшы алдын төлеген төлемлерин лизинг объектинен пайдаланыӯдан алған пайданыӊ баҳасын шегерип таслап, өзине қайтарыӯды талап қылыӯға ҳақлы. Лизинг шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса лизинг алыӯшы лизинг төлеммлерин өз ӯақытында төлеӯи, мал-мүликтен оны жеткизип бериӯ шәртлерине муӯапық пайдаланыӯы, саз жағдайда сақлаӯы, өз есабынан оӊлаӯ жумысларын әмелге асырыӯы, сақлаӯ бойынша басқа қәрежетлерди әмелге асырыӯы шәрт. Лизинг шәртнамасы бийкар қылынғанда лизинг алыӯшы мал-мүлкин лизинг бериӯшиден алған жағдайда, оныӊ нормаль гөнериӯи ҳәм тәреплердиӊ келисиӯинде шәртлесилген өзгерислерди есапқа алып, қайтарып бериӯге мәжбүр. Лизинг алыӯшы лизинг төлеӯлерин төлеӯ мәжбүриятын орынламаған тағдирде  лизинг төлеӯши өзине тийисли болған  төлеӯлер пайызы менен алыӯы мүмкин. Лизинг алыӯшы өз мәжбүриятларын қопал рәӯиште бузған тағдирде лизинг шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, лизинг бериӯши келешекте лизинг төлеӯлерин тезлестириӯ яки лизинг объектин қайтарып алған ҳәм зыянды өндирген жағдайда шәртнаманы бийкар қылыӯды талап қылыӯ  хуқықына ийе.

Көринип турғанындай пуқаралық-хуқықый жуӯапкершиликке тартыӯдыӊ айрықша шәртлеринен бири- бул шәртнама мәжбүүриятларыныӊ орынланбаӯы яки лазым дәрежеде орынланбаӯы нәтийжесинде даӯлардыӊ пайда болыӯына алып келеди.

 

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды судьясы:                           Н.Балтабаева             

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content