ПАРАХОРЛЫҚ – КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС ҲАҚҚЫНДА

ПАРАХОРЛЫҚ – КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС ҲАҚҚЫНДА

24.06.2022 18:50:03 153 Баспаға шығарыў

 

Парахорлық-коррупция мәмлекетимиздиң, жәмийетимиздиң раўажланыў жолындағы ең қәўипли иллетлердиң бири болып табылады. Коррупцияға қарсы гүресиў сиясаты жәмийеттиң сиясий өмириниң ең әҳмийетли бағдарлардан бири болып, оған қарсы гүресиў нызамшылықтың қәлиплесиўи, пуқараларды тәрбиялаўға болған басқышларда алып барылыўы зәрүр.

Коррупцияға дәслепки қәдемлер пара бериў болып, ол лаўазымлы шахстың нызамсыз жол менен байлық арттырыўға қызықтырыў ҳәм хызмет ўазыйпасы менен байланыслы болған белгили бир ўазыйпаны орынлаўда оны өзине аўдырып алыўға имканият жаратады.

Парахорлық жынаятының өзине тән өзгешеликлерге ийе болып,
ол бир шахс тәрепинен емес бәлким кеминде еки ҳәм оннан көп шахс тәрепинен ислениўи мүмкин яғный пара бериўши менен пара алыўшы ортасында байланыслар ақыбетинде жүзеге келеди.

Сондай-ақ, айырым жағдайларда парахорлық жынаяты жүз бериўинде далдалшылар да үлкен орын ийелеп келмекте.

Солай етип, парахорлық тийкарынан лаўазымлы шахслар тәрепинен садир етилетуғын жынаятлар – пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыў бериўде далдалшылық етиў жынаятын өз ишине алады.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлик жылларының дәслепки дәўирлеринен-ақ суд-ҳуқық системасын реформалаў барысында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Дүзилип атырған демократиялық ҳуқықый мәмлекетимиздиң әҳмийетли дереклеринен бири сыпатында нызам үстинлиги тәмийнленеди. Сол себепли, суд-ҳуқық системасын басқышпа-басқыш реформалаў барысында изшиллик пенен алып барылып атырған мәмлекет сиясаты мәмлекет социаллық-экономикалық негизине зыян тийгизиўши дерек сыпатында қәлиплесип атырған коррупцияның ҳәр қандай көринисиндеги қәўипке қарсы гүресиў әҳмийетли ўазыйпаға айланды.

Мәмлекетимизде парахорлық жынаятларының алдын-алыў ҳәм оларды әшкәра етиў бойынша айтарлықтай бир қатар ис-иләжлар әмелге асырылып атыр. Соның менен бирге, парахорлыққа қарсы гүресиў тийкарынан лаўазымлы шахслардың пара алыў жағдайларын анықлаўға қаратылған болып, оларды пара алыўға қызықтырыўшы, дәлдалшылық ҳәм тиккелей пара бериўшилердиң көп муғдарда жынайый жуўапкершиликтен қутылып қалып атырғанлығы бул түрдеги жынаятларды кемейттириўге қаратылған ислердиң нәтийжелилигине кери тәсирин тийгизбекте.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210, 211, 212, 213 ҳәм 214-статьяларына да тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип, бул келешекте парахорлық жынаятларына қарсы гүресиўге қаратылған
ис-ҳәрекеттиң нәтийжелилигин асырыўға көмеклеседи. Нызам пара бериў ҳәм пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў сыяқлы жынаятлар ушын жазаны аўырластырыўды назерде тутқан. Ҳәзирги ўақытта пара бериў ҳәм параҳорлыққа дәлдалшылық қылған шахс та пара алған менен бирдей жазаға тартылыўы нәзерде тутылған. Пара бериў ҳәм пара алыс-беристе дәлдалшылық қылыў пара алыў жынаяты менен бирге теңлестирилип қойылды ҳәм жазалар системасы бир түстеги көриниске келтирилди.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясына тийкар пара бериў, яғный мәмлекет органы, мәмлекет қатнасындағы шөлкем яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы лаўазымлы шахсына усы лаўазымлы шахстың өз хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда сәдир етилиўи лазым яки мүмкин болған белгили ҳәрекетти пара берген шахстың мәплерин көзлеп орынлаў яки орынламаў есесине нызамға қайшы екенлигин биле тура тиккелей яки дәлдалшы арқалы лаўазымлы шахсқа материаллық қымбатлықлар бериў яки мүлкий жақтан мапдар етиўи есапланады.

Бул жынаят ушын бес жылға еркинен айырыў, пара бериў тәкирарий қаўипли рецидивист ямас илгери пара алыў, пара алыс-беристе дәлдалшылық етиў жынаятларын сәдир еткен шахс тәрепинен яки көп муғдарда сәдир етилиўи бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.

Сондай ақ пара бериў жүдә көп муғдарда бириккен топар мәплерин гөзлеп сәдир етилген болса он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў нәзерде тутылған. Жынаят кодексиниң ески баспасында жаза муғдары бир қанша жеңилирек болып пара бериў ҳәм пара алыс беристе жуўапкер шахс үш жылға шекем еркинен айырыў, аўырластырыўшы жағдайларда болса бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланатуғын еди.

Буннан тысқары илгери пара берген яки дәлдалшылық қылған шахс жынайый хәрекетлерин сәдир еткеннен кейин қәлеген ўақытта бул ҳаққында өз ықрары менен арз етип жынайый жуўапкершиликтен азат етилген болса, жаңа нызамға көре жынайый ҳәрекетлер сәдир етилгенлиги арыз етиў мүддети қатаң шеклеп қойылды. Яғный пара сорап таўламашылық қылынған болса ҳәм бул шахс жынайый ҳәрекетлер сәдир етилгеннен кейин бул ҳаққында отыз сутка даўамында өз ықтыяры менен арыз еткен, шын кеўилден пушайман болған ҳәм жынаятты ашыўда белсене жәрдем берген жағдайда ғана
ол жынайый жуўапкерлшиликтен азат етилиўи белгиленген. Бунда Жынаят кодексиниң 237-статьясына тийкар жынаят ҳаққында биле тура жалған хабар бериў ҳаққында ескертилгеннен кейин әмелге асырылады.

Шешим ретинде соны айтыўымыз мүмкин, қашан ҳәр бир пуқара
өз мәплерин көзлеп нызамға қайшы тиккелей яки дәлдалшы арқалы лаўазымлы шахсқа материаллық қымбатлықлар бериў яки мүлкий мәпдар етиўден өзин сақлаған жағдайда жәмийетте коррупция иллети болмайды. Пара алыў, пара бериўде дәлдалшылық етиў аўыр жынаят. Сол себепли ҳәр бир пуқара өз жуўапкершилигин сезген ҳалда оған қарсы гүресте мәмлекеттиң коррупцияға қарсы гүресиў сиясатын қоллап-қуўатлаўда белсене қатнасыўы зәрүр.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы:                                                                                        А.Бекманов

 

Жынаят ислери бойынша Шымбай

районы судының баслығы:                                                                          А.Хожанов

Пайдалы ресурслар
Skip to content