Шымбай район аймағында Қарақалпақстан Республикасы эпидемияға қарсы гүресиў айрықша комиссиясы ағзалары қатнасында мәжилис болып өтти

Шымбай район аймағында Қарақалпақстан Республикасы эпидемияға қарсы гүресиў айрықша комиссиясы ағзалары қатнасында мәжилис болып өтти

08.06.2022 16:35:06 225 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ҳайўанлар арасында ушырасатуғын жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бойынша семинар болып өтти.

Семинарға район ҳәкиминиң орынбасарлары, АПЖ ҳәм МПЖ  баслықлары, районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими хызметкерлери қатнасты.

Семинарда, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинен, Санитария-эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлық басқармасынан эпидемиолог шыпакерлер менен Айрықша жағдайлар басқармасынан ўәкиллер келип, “От жара”, “Қутырыў” “Крым-Конго геморрогик ысытпа” кесселиклериниң алдын алыў, оның келип шығыў себеплери бойынша түсиниклер берип өтти.

Бул кеселликлер көбинесе шөп пенен азықланатуғын ҳайўанлар, яғный қарамал, қой-ешки, жылқы, ешек, түйелерде көбирек ушырасады.

Соның ушында, Ветеринария хызметкерлериниң рухсатысыз аўырған малды сойыў, оның гөшин жеў, жүнин, терисин сатыў қадаған етиледи. Ветеринар малды көзден өткерип, лабораториялық анализлерин алыўы ҳәм тексериў өткергеннен кейин сойыўға рухсат етилетуғынлығын атап өтти.

Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Пайдалы ресурслар
Skip to content