Елимизде инсан қәдири ҳәр нәрседен үстем. Сонлықтан халықтың жақсы жасаўы ушын барлық реформалар олардың тилек усынысларына бола әмелге асырылмақта.
Бүгин Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Орынбаев ҳәм районымыздағы сектор басшылар менен биргеликте Қызыл-өзек аўыл пуқаралар жыйынында гезектеги қабыллаўын өткерди.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатларға тийкар тараў жуўапкерленине тапсырмалар берилип қадағалаўға алынды.