Короновирус пандемиясы менен наӯқасланып атырған пуқаралар ушын 2-октябрден баслап Шымбай районлар аралық арнаӯлы сайлап алыӯ орайы жумыс баслады.Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларының пуқаралары ушын коронавирус кеселлигин жуқтырған орта ҳәм аӯыр дәрежедеги наӯқаслар, кеселликке гуман етилген наӯқасларды емлеп әмелий жәрдем көрсетиӯ орайы шөлкемлестирилди. Улыӯма 120 орынға мөлшерленген болып наӯқаслар ушын барлық шараятлар жаратылған.Олардың аӯқатланыӯы, емлениӯи ушын дәри –дәрмақлар бийпул. Тийкарғысы пидайы шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер күни-түни халыққа сапалы хызмет көрсетпекте.