Жақында Сурхандәрья ӯәлаятының Термиз қаласында спорттың гүрес түринен 2007-2008 жыллары туӯылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти. Усы чемпионатқа Шымбай районы Балалар өспиримлер спорт мектеби оқыӯшысы спортшылары мүнәсип қатнасып келди. Олардан Бектурсынова Қундыз Азамат қызы Өзбекстан чемпионы болыӯға мияссар болды.