Шымбай районы жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў

Шымбай районы жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў

26.05.2022 16:53:05 196 Баспаға шығарыў

Аймақлық санаат өнимлери көлеми
120,0 млрд. сўмды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 150,3 процентти, республикадағы үлеси 1,5 процентти қурайды;

– тутыныў товарлары көлеми 64,8 млрд. сўмды қурап, өткен жыл усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 101,6 процентти, республикадағы үлеси 5,7 процентти қурайды;

аўыл хожалығы тараўында  285,8 млрд. сўмлық өним өндирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 103,0 процентти, республикадағы үлеси 9,9 процентти қурады;

инвестиция өзлестириў көлеми 89,4 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 123,4 процентти, республикадағы үлеси
3,1 процентти қурады;

қурылыс жумыслары 46,2 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
113,2 процентти, республикадағы үлеси 2,3 процентти қурады;

– жәми хызметлер көлеми 104,3,0 млрд. сўмды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
132,2 процентти, республикадағы үлеси 2,8 проценти қурады;

– усақлап сатыў көлеми 129,1 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
113,4 процентти, республикадағы үлеси 3,8 процентке өсиўине ерисилди.

Аймақлық бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў арқалы усы жылдың жуўмағына шекем жоқарғы экономикалық өсиў пәтлерине ерисиў бойынша анық ис-илажларды белгилеп алғанбыз.

Сондай-ақ, жыл жуўмағы менен аймақлық санаат өнимлерин көлеми 125,0 процентке, аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми
103,7 процентке, инвестиция көлеми 103,1 процентке, қурылыс көлеми 103,1 процентке, жәми хызметлер көлемин 119,6 процентке, усақлап сатыў көлемин 105,6 процентке өсиўи тәмийинлеўдиң илажлары көриледи.

2021-жыл жуӯмағына шекем улыўма баҳасы
177,5 млрд. сўмлық 16 инвестиция жойбарларын иске түсириў ҳәм 391 жаӊадан жумыс орынларын жаратыў белгиленген. Соннан, бүгинги күнде баҳасы 5 млрд. 290 млн. сўмлық 8 жойбар иске түсирилди ҳәм 29 жаӊадан жумыс орынлары жаратылды. Сондай-ақ, зәрүр тараўлардан бири санаат тараўында 4 жойбарға
106,3 млрд. сўмлық инвестициялар өзлестирилип, жаӊадан
227 жумыс орынлары жаратылады.

Экспорт көлеми жыл басынан 5,8 млн. долларлық өнимлер экспортқа шығарылып, прогноз 175 процентке орынланды.

Ал,  1,4 млн. долларлық туўрыдан-туўры сырт ел инвестициялар ҳәм кредитлер өзлестирилип, реже
159 процентке
орынланды.

Халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатлындырыӯ ҳәм баҳалардың тийкарсыз аспаўына жол қоймаў мақсетинде:

Фермер хожалықлары тәрепинен 3 мың 223 гектар тийкарғы майданларға соннан, 375 гектар савзабот, 125 гектар картошка, 310 гектар палыз, 1854 гектар майлы егинлер, 509 гектар  мәш егинлери егилди ҳәм бағ жүзимзар аралығына 50 гектар азық-аўқат өнимлери егилди;

– барлық тайпадағы хожалықларда жәми 357,1 гектар майданда бағ ҳәм 110,7 гектар майданда жүзимзарлар бар болып, усы майданлардан 2878 тонна мийўе ҳәм 772 тонна жүзим өнимлери жетистириледи;

Районда быйылғы жылы 5751 гектар майданға 240 фермер хожалықлары тәрепинен шийки пахта шигити егилип, бүгинги күнде егилген ғаўаша майданларынан толық нәл алынып, қатар араларына ислеў бериў жумыслары жумыслары алып барылмақта.

Районда 2021-жыл зүрәәти ушын фермер хожалықлары тәрепинен тийкарғы майданларға овощ, палыз ҳәм картошка егинлерин егиў режелестирилип, соннан: бүгинги күнде 279 гектар овощ, 310 гектар палыз, 105 гектар картошка, 20 гектар бағлар,
38 гектар жүзимзарлар толығы менен егилди.

Бул майданлардан 5580 тонна овощ, 5120 тонна палыз,
1050
тонна картошка өнимлерин алыў белгилеп алынды.

Тамшылатып суўғарыў бойынша бүгинги күнде районда пахта шийки затын жетистириўде тамшылатып суўғарыӯ технологияларын енгизиў бойынша реже 1310 гектар болып, бүгинги күнде 13 фермер хожалық тәрепинен 520 гектар жер майданға 12 млрд. 850 млн. сўм. 14 дана 265 гектарға насос, филтр ва қувурлар монтаж қылыў жумыслары алып барылды.
284 гектар майдан электр-энергиясы менен тәмийинленди.

Шымбай районында 2021-жыл Мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына жәми 126,2 млрд. сўмлық жумысларды әмелге асырыўды реже қылғанбыз. Халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аўыллар ҳәм мәҳәллелердиң архитектуралық көринисин жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша быйылғы жылы төмендеги жумыслар әмелге асырыӯ режелестирилген.

Социалық тараў инфраструктурасын жақсылаў
(14,6 млрд
сўм) шеңберинде 3 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 2 мектепке ири ҳәм жеңил оңлаў жумыслары алып барылады. Соннан “Абат аўыл” мәмлекетлик бағдарламасына кирген аймақларда 2 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.

Ишки жолларды жақсылаў (16,2 млрд. сўм) шеңберинде
15 аўыл ҳәм мәҳәлледе жәми 42,5 км. жоллар оңланады, соннан,
8,6 км жолда асфальт бетон ҳәм 33,9 км. топырақ жолларға шағал (ЩПС) жатқызыў жумысларын әмелге асырыў белгиленип, соның ишинде “Абат аўыл” бағдарламсына кирген аймақларда
25,2 км. топырақ жолларға шағал жатқызыў жумыслары режелестирилип, ҳәзирги күнде 2 аймақта 4,5 км ишки жоллар шағал жатқызылды. Режедеги жумыслардың жуўмақланыўы нәтийжесинде райондағы 5,8 процент ишки жоллардың жағдайының жақсыланыўына ерисиледи.

Ишимлик суў ҳәм ақаба суў тәмийнатын жақсылыў
(13,9 млрд. сўм) бойынша район орайынан 10,2 км. узынлықтағы
4,3 млрд. сўмлық орайластырылған канализация тармағын тартыў жумыслары 5 аўыл ҳәм мәҳәлледе жәми 51,5 км ишимлик суў тармағы ҳәмде 2 объект қурылып, реконструкция жумысларыў көзде тутылып, соның ишинде “Абат аўыл” мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 25,3 км ишимлик суў тармағын тартыў белгиленип, бүгинги күнде қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде, 18171 халықтың (3517 шаңарақ) ишимлик суў тәмийнатынан болған мүтәжликлери жақсыланады.

Электр тәмийнатын жақсылаў (6,7 млрд сўм) бағдарында районда жәми 46,7 км электр тармақларын жаңадан тартыў ҳәм модернизация жумыслары, 9 дана транформатор пунктлери орнатылып, 934 таяныш бағаналары жағдайы жақсыланады. Соннан “Абат аўыл” мәмлекетлик бағдарламасына кирген аймақларда
2,6 км электр тармақлары, 2 трансформатор пунктлери орнатылып ҳәм 100 дана таяныш бағаналары жағдайы жақсыланады. Нәтийжеде, 11 аўыл ҳәм мәҳәлле халқына (42257 халық) электр энергиясы турақлы жеткерип бериледи.

Газ тамийнатын жақсылаў (11 млн. сўм) бойынша
“Абат аўыл” мәмлекетлик бағдарламасына кирген “Оржап” МПЖ аймағында  жәми 2 км  газ тармақлары ҳәм де 4 газ бөлистириў пунктинде киши оңлаў жумыслары алып барыў белгиленип, ҳәзирги күнде 1 км трубалар тәртиплетирилип, 2 дана газ бөлистириў пунктлери оңлаў жумыслары алып барылды.

Аймақларды абаданластырыў (944,4 млн. сўм) шеңберинде “Абат аўыл” мәмлекетлик бағдарламасына кирген мәҳәллелерде жәми 3,6 км пиядалар жоллары, 5 көшеде (3,6 км) түнги жақтыландырыў системасы жақсыланады.

Сондай-ақ, усы исленген жумысларды даӯам еттириӯ мақсетинде райондағы Медицина бирлеспесиниң 5 қабатлы емлеӯхана имаратына 7 млрд. 580 млн. сӯмлық, район орайынан Жаслар аллеясы ҳәм фантан қурыӯ ушын 2 млрд. 200 млн. сӯмлық, жаңадан Мәденият орайын қурыӯ ушын (ашық театр)
6 млрд. 200 млн. сӯмлық район орайынан Футбол майданшасын жаңадан қурыӯ ушын (1500 орынлық) 6 млрд. 700 млн. сӯмлық, соның менен бирге Жаслар орайы ҳәм Шахмат мектебин қурыӯ ушын
1 млрд. 500 млн. сӯмлық, райондағы Мәденият сарайы имараты ҳәм қосымша Үлкетаныӯ музейин шөлкемлестириӯ ушын
2 млрд. 900 млн. сӯмлық, және де район орайынан Муңлы Ана естелигин қурыӯ ушын 1 млрд. 500 млн. сӯмлық, район орайынан Курант саатын қурыӯ ушын 1 млрд. 800 млн. сӯмлық, сондай-ақ, Шымбай районына кириӯ (стелла) белгисин қайта қурыӯ ушын
1 млрд. 200 млн. сӯмлық жумысларын алып барыӯ режелестирилген.

Сондай-ақ, район Бас көшеси бойынан “Қишлоқ қурилиш инвест” ИКның 5 қабатлы 30 квартиралы 2 дана турақ-жайлар ҳәм де жаңа тәртип шеңберинде исбилерменлер тәрепинен 5 қабатлы
30 квартиралы 1 дана турақ-жай курыў жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде 1 дана турақ-жайдың қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Саўда, хызмет көрсетиў ҳәм басқа базар инфраструктурасын жақсылаў (860 млн сўм) шеңберинде
2 саўда орайы, 2 орында сервис хызмет көрсетиў шахабшасы ҳәм
2 басқа түрдеги объектлер қурылады ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады.

Сондай-ақ, район аймағындағы “Майжап” каналының
10 километринен 30 километрине шекемги 20 километр аралығына 2019-2023-жылларда 18 млрд. 168 млн. сўмлық реконструкция жумысларын алып барыў белгиленип, соннан 2021-жыл ушын
3 млрд.
лимит ажыратылып ҳәзирги күнде 90 процент жумыс көлеми орынланды.

Район орайынан өтиўши “Кегейли” магистрал каналының 2,5 км аралығын 2020-2023-жылларда 11 млрд. 230 млн. сўмлық бетонлаў жумысларын алып барыў белгиленип, 2021-жыл ушын
2,5 млрд.
сум лимит белгиленип 72 процент жумыслар орынланды.

Район аймағынан өтиўши “Бес жап” каналының
24 км. аралығына 2021-2022-жылларда 2 млрд. 576 млн. сўмлық реконструкция жумысларын алып барыў белгиленип, ҳәзирги күнде 730 млн. сумлық қурылыс оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, усы жыл басынан 96 киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 113,4 процентти қурады.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы тийкарында,
812 хожалық жүритиўши субъектлерге жәми
18 млрд 725,7 млн сўмлық
жеңиллетилген кредитлер ажыратылып берилди.

Соның менен бирге усы жыл басынан Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жәми 3770 пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленди.

Атап айтқанда, 2021-жылға белгиленген бағдарлама тийкарында 519 пуқара, субсидия ажыратыў есабынан 51 пуқара, Қытай тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда кооперация дүзиў арқалы
100 пуқара, мәкеме ҳәм кәрхана ҳәм шөлкемлер тийкарында
1163 пуқара, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында ўақтыншалық ис-ҳақы төленетуғын  жәмийетлик жумысларда
1937 пуқарлардың бәнтлиги тәмийинленди.

Район бойынша “Темир дәптер”ге киргизилген
1693 шаңарақтың дизими қәлиплестирилип, Халық депутатлары районлық кеңеси тәрепинен додалаўға киритилип, тастыйықланды.

Сондай-ақ,  “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киритилген 151 жумыссыз пуқараларға өзин-өзи бәнт қылыў ушын 502,4 млн. сўм субсидия қаржылары ажыратылды.

Соның менен бирге “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген
1350 ҳаял-қызлардың анықланған машқалалары түрлери бойынша анықлап алынды.

Мәҳәллелерде өткерилген сораўнамалар нәтийжесинде
2491 жумыссыз ҳәм машқаласы бар болған жаслар анықланып, “Жаслар дәптери”не киргизилди.

“Жаслар дәптери”не киритилген 2491 жастан ҳәзирги күнде бос жумыс орынларына, жер майданларын ажыратып бериў, жеӊиллетилген кредитлер, исбилерменлерге бириктириў, субсидиялар ажыратыў, айдаўшылық гүўалықларына оқытыў ҳәм социаллық жәрдемлер бериў арқалы 1628 жас “Жаслар дәптери”нен шығарылды.

Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өз исбилерменлигин баслаў нийетинде болған 285 жасқа 9 млрд. 285 млн. сўм жеӊиллетилген кредитлер ажыратып, 293 жаӊа жумыс орынлары жаратылды.

Жыл жуўмағына шекем “Жаслар дәптери”инде қалған
863 жастан 59 жастан жаңадан шөлкемлестирилип атырған жип ийирип шығарыўшы “Zang Tex” ЖШЖ кәрханасына турақлы жумыс орнына, қалған 804 жасларын өзин-өзи бәнт етиў, бос жумыс орынларына, айдаўшылық гүўалықлары (права) алып бериў, субсидия арқалы тамарқа жерлеринен өнимли пайдаланыў ушын суў насосларын бериў, жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content