Жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң орынланыўы

Жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң орынланыўы

25.05.2022 16:48:33 191 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы «Бюджет кодекси»ниң 119-статьясына
ҳәм ϴзбекстан Республикасы «Жергиликли Мәмлекетлик ҳәкимияты
ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына тийкарланып, Шымбай
районы “Тазажол” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Бозатаў
елатлы пунктин социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм район
аймағында орын алған машқалаларды сапластырыў бағдарындағы
әмелге асырылыўы тийис жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде
1. Шымбай районы ҳәкимлигинде өткерилген 2022-жыл 19-май күнги
01-08/04-05/338-санлы мәжилис баянламасы тастыйықлансын.
2. Район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Молдахметов, районлық
Қаржы бɵлими (П.Ибраймов), Қазнашылық бөлимбеси (Б.Қаллибеков) ҳәм
Абаданластырыў басқармасы (Н.Бекмуратов)на:
– район аймағындағы елатлы пунктлердеги жағдайы төмен болған
ишки жолларды оңлаў, ишимлик суў тармағын тартыў ҳәм де “Бозатаў”
елатлы пунктинде 3,5 км. жап-салмаларды қазыў, 3 км. аралықта ишимлик
суўы тармақларын тартыў ушын талап етилетуғын қурылыс материаллары
ҳәм 2,5 тонна жанылғы майы (дизел) ушын 102 377 018 (бир жүз еки
миллион үш жүз жетпис жети мың он сегиз) сўм қәрежетлери район
бюджетиниң артықша орынланған бɵлеги есабынан белгиленген тәртипте
районлық Абаданластырыў басқармасы есап бетине өткерилиўи
тәмийинленсин.
3. “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖ районлық бɵлими
(Е.Бердимуратов)не:
– аймақ халқына сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў мақсетинде
аўыл орайында жайласқан суў душшыландырыўшы үскенесинен 3 км.
аралықта ишимлик суў тармағын тийисли тәртипте жойбар тийкарында
e-qaror.gov.uz 25.05.2022
2
тартыў жумыслары тапсырылсын.
– аймақта жайласқан суў душшыландырыўшы үскенеси ушын
жумсалатуғын электр энергиясы ушын тɵлемлер бюджет қаржыларының
артықша орынланған бɵлеги есабынан белгиленген тәртипте қапланыўы
тәмийинленсин.
4. Район ҳәкиминиң орынбасары П.Орынбаев, Финанс бөлими
(П.Ибраимов), Қазнашылық бөлимбеси (Б.Қаллибеков) ҳәм Абаданластырыў
басқармасы (Н.Бекмуратов)на;
ажыратылған қаржылардың белгиленген тәртипте мақсетке муўапық
жумсалыўын қадағалаўға алыўын тәмийинлесин.
5. Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши
орынбасары А.Молдахметов, район ҳәкиминиң орынбасарлары П.Орынбаев,
И.Кайыпназаров, С.Узақбергенов, Р.Жумамуратовларға жүкленсин.
Район ҳәкими А.Тажетдинов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content