25 – май бул елимиздеги мектеплердиӊ питкериўшилери, олардыӊ ата-аналары, тәлим- тәрбия берген устазлары ушын умытылмас күн. Бул-сәне кеўиллерди толкынландырыўшы, әжайып мәўритлерди инәм етиўши, питкериўшилер өмирге пәрўаз етип, алысларға қанат қомлап, балалықтыӊ қызықлы, кайталанбас демлерин еслетиўши күн болып табылады.
Хәр жылы дәстүрге айланған мектеплердеги соӊғы қоӊыраў кешелери районымыздыӊ барлық аймақларында белгиленип өтилмекте.Бүгин район ҳәкими А.Тажетдинов райондағы мектеплерге барып питкериӯши оқыӯшыларға әӯмет тиледи.
Мағлыўмат ушын айтип өтсек, быйылғы оқыў жылында райондағы мектеплердыӊ 1201 ден аслам оқыўшы питкерип үлкен өмирге қәдем коймақта.Районымыздыӊ бәрше питкериўшилерине кейинги өмир жолларында бәлент пәрўазлар тилеп елимиздиӊ мүнәсип перзенти болыўына исенемиз.