Шымбай районы «Жипекжолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы Шымбай Дийқан базарын суў алғанлығы ҳаққында сол аймақ турғынларының социаллық тармақларға жоллаған мүрәжатын район ҳәкимлиги ҳәм тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте үйренип шығып, төмендегилерди билдиремиз.
Шымбай районында 2-май күни нөсер жаўын ақыбетинде «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны Дийқан базарындағы жағдайды сапластырыў бойынша Қарақалпақтан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы районлық бөлиминен 4 техника, Абаданластырыў басқармасынан 2 техника ҳәм де суў насослары жәрдеминде суў басқан аймақлардың суўларын алып шығыў жумыслары алып барылып толық сапластырылғанлығын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-май күнги “Цемент бетон қапламалы автомобиль жоллары тармағын кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-249-санлы қарарына муўапық Қырық-қыз көшесиниң ишки жолын бетон қапламалы жолға айландырыў бойынша усыныс етилгенлигин билдиремиз.