Бүгин Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы академик лицейинде Халық депутатлары районлық Кеңес депутатлары ҳәм секретарият хызметкерлериниң ис-тәжирийбелерин жәнеде асырыў мақсетинде бир күнлик оқыў-семинары болып өтти.
Семинарға Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Нөкис районлары депутатлары қатнасып, өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин асырды.