Сондай-ақ сессияда район аймағындағы пайдаланыўдан шығып, жарамсыз ҳалға келип қалған шығынды таслаў пунктлери жайласқан орынларды ҳәкимият жер қоры есабына қайтарыў ҳаққында.
Районда “Жаслар дәптерине”не киритилген жаслар менен алып барылып атырған жумыслар ҳәм де “Жаслар қоры” есап бетине келип түскен қаржылардың жумсалыўы ҳаққында.
Шымбай районы жергиликли бюджетиниң 2022-жылдың биринши шереги дәраматларының режеден артық орынланған бөлегинен, еркин қалдық қаржылары есабынан район аймағындағы социаллық объектлерди оңлаў ушын ҳәм де “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Пуқаралар басламасы” қорларына қаржы ажыратыў ҳаққында.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң
2022-жыл 30-апрель күнги “Шымбай районы жергиликли бюджет дәраматларының артықша орынланған бөлеги есабынан
2022-жылдың биринши басқышында жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ҳаққында”ғы VI-35-46-13-192-K/22-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.
“Жипек жолы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Қырық-қыз” көшесинде жайласқан ески турақ-жайларда жасаўшы пуқаралар менен аймақтың инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм район орайының архитектуралық көринисин жақсылаў ушын жер майданларының алыныўына байланыслы пикирлерин үйрениў мақсетинде “Ашық додалаў” мәжилис баянламасын көрип шығыў ҳаққында.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң
2022-жыл 17-апрель күнги “Районда “Ҳаяллар дәптери”ниң үшинши басқышына киритилген хожалықлар дизимин ҳәм де олар менен алып барылып атырған жумыслар нәтийжелигин асырыў мақсетинде “Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-35-38-13-192-K/22-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.
Шымбай районы жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында .Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.