“РЕН ТВ” телеканалының дөретиўшилик топары Шымбай районында

“РЕН ТВ” телеканалының дөретиўшилик топары Шымбай районында

16.05.2022 10:28:11 685 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 12-13 май күнлери Россия Федерациясы “РЕН ТВ” телеканалының “Невероятно интересные истории” көрсетиўиниң дөретиўшилик топары Қарақалпақстанда болды.Сапар даўамында шет елли ҒХҚ ўәкиллери елимиздиң туристлик потенциалы, яғный тарийхы, мәденияты, миллий үрп-әдетлери менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, Шымбай районындағы өнерментлер ҳәм олар тәрепинен миллий қараүй таярлаў процесси, миллий тағамлар ҳәм саз әсбапларында халық қосықларының атқарыўлары суўретке алынды.

Пайдалы ресурслар