Шымбай районында Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў министриниң руўхый-ағартыўшылық ислери нəтийжелигин асырыў ҳəм мəмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине əмел етилиўин тəмийинлеў мəселелери бойынша мəслəҳəтшиси ўазыйпасын атқарыўшы О.А.Махмудов, Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы Б.Т.Набиев ҳəм де усы министрликтиң тийисли хызметкерлериниң қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июньдеги “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 6013-санлы Пəрманының мазмун-мəниси бойынша тараў басшыларының жеке жуўапкершилигин арттырыў бойынша мəжилис болып өтти. Мәжилисти район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Молдахметов ашты ҳәм басқарып барды.Мəжилиске районымыздан исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бəнтлигин тəмийинлеў ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мəселелери бойынша ҳəким жəрдемшилери менен тийисли тараў басшылары қатнасты.