«Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўди әпиўайыластырыў, бюрократиялық тосықларды қысқарттырыў ҳәмде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасын раўажландырыўдыӊ қосымша ис-илажлары ҳаққындағы» Өзбекстан Республикасы Президентиӊиӊ Пәрманы (ПФ–113-санлы, 20.04.2022 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға көре, 2022 жыл 1-августтан:
- Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шахсты идентификациялаўдыӊ әмелдеги система ҳәм қуралларына қосымша түрде физикалық шахсты идентификациялаўдыӊ Мобил-ID системасы (Мобил-ID системасы) еӊғизиледи;
- Мобил-ID системасы “Электрон ҳүкимет” системасы пайдаланыўшыларды идентификациялаў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасыныӊ структуралық бөлеги есапланады ҳәм шахсты оныӊ мобил телефон номери арқалы идентификациялаўды нәзерде тутады;
- шахсты Мобил-ID системасы жәрдеминде идентификациялаў МХО (Мәмлекетлик хызметлери орайы) ямаса нотариал мекеме тәрепинен яки БбИМХП (Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы) мобил қосымшасы арқалы әмелге асырылады;
- туўрыдан-туўры Орайлар ямаса нотариал мекеме арқалы пуқараларды Мобил-ID системасына идентификация қылыў 2022-жыл 31-декабрге шекем төлеў өндирилместен, 2023-жыл 1-январдан БЕМныӊ (базалық есаплаў муғдары) 2 пайызы муғдарында бир мәртелик төлем өндирилген жағдайда әмелге асырылады;
- Мобил-ID системасы пайдаланыўшылары электрон санлы қол таӊба қолланбаған ҳалда барлық мәмлекет хызметлеринен (бунда финанслық хызметлер тысқары) пайдаланыўы мүмкин;
- Пуқараныӊ БбИМХПдағы жеке кабинетине жиберилетуғын барлық хабарнамалар Мобил-ID системасы арқалы идентификацияланған мобил телефон номерине SMS-хабар формасында жибериледи.
Пәрманға көре, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субектлерине мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде төмендигилер Әдиллик министрлигиниӊ келеси бес жыллықтағы үстин туратуғын искерлик бағдарлары етип белгиленди:
- «Пуқара итибар орайында» (Citizen – centric service) принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасын модернизациялаў;
- Ҳалықтыӊ электрон мәлекетлик хызметлеринен пайдаланыў дәрежесин кескин асырыў ҳәм де жумыс жүргизиўди «қағазсыз» принципи тийкарында алып барыў;
- Бизнес процесслерин модернизациялаў усыллары (Business Process Reengineering) тийкарында ҳәр бир мәмлекетлик хызметти оптималластырыў, «бир айна» принципи әмелиятында толық қолланыў;
- Мәмлекетлик хызметлериниӊ жаӊа түрлерин жолға қойыў ҳәм де өз әҳмийетин жоғалтқан мәмлекетлик хызметлерин бирлестириў яки бийкарлаў;
- Физикалық жақтан мүмкиншилиги шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инклюзив орталықты жаратыў;
- Мәмлекетлик шөлкемлериниӊ басламасы тийкарында проактив мәмлекетлик хызметлерди ҳәм де бир сораў бойынша өз-ара композит мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў әмелиятын кеӊейтириў;
- Өзине-өзи хызмет көрсетиў ушын зәрүр шәрт-шәраятларды жаратыў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ мәмлекетлик хызметлеринен ғәрезсиз пайдаланыў көнликпелерин асырып барыў.
Пәрман менен 2022-жыл 1-июл сәнесинен баслап айырым талап ҳәм шәртлери бийкар қылынып атырған лицензиялар ҳәм рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер дизими тастыйықланды.
Сондай-ақ, 2022-жыл 1-июн сәнесинен 38 түрдеги мәмлекетлик хызметлерин БбИМХПда электрон санлы қол таӊба менен тастыйықлаў талап етилмейди.
2022-жыл 1-сентябрден төмендеги мәмлекетлик емес шөлкемлерге «Электрон ҳүкимет» системасы арқалы алыныўы мүмкин болған мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятлары жаратылады:
- Коммерциялық банклер;
- телекоммуникация шөлкемлери;
- жеке меншик медицина мәкемелери;
- Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери;
- нодавлат таълим ташкилотлари;
- Қамсызландырыў шөлкемлери.
Шымбай районы Әдиллик бөлиминиӊ мәмлекетлик хызметлери орайының мәмлекетлик дизимге алыў ҳәм рухсат бериўши ҳүжжетлерди рәсмийлестириў хызметлерин көрсетиў бөлими баслығы
Б.Токумбетов