Бүгин Шымбай районы Тазғара АПЖ аймағындағы «Кегейли-Шымбай Агрокластер» ЖШЖ ниӊ ғаўаша майданларында култивация жумысларын әмелге асырыў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Онда, район сектор басшылары, фермерлер ҳәм аўыл хожалығы хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы фермер дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы Қ.Нурымбетов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Агроинспекциясы басқарма баслығы А.Айтжановлар қатнасты ҳәмде исши топар ағзалары сөзге шығып қатнасыўшылары тәрепинен сораўлар берилип, тийисли қәнигелер тәрепинен толық ҳәм анық жуўаплар берилди.