ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң судқа тийисли ислер белгиленген
25-статьясына муўапық, экономикалық суд экономика тараўында пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа ҳуқықый қатнасықлардан жүзеге келетуғын, соның ишинде бәсекиликке байланыслы даўларды шешеди.
ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 302-статьясына муўапық, бәсекиликке байланыслы ислер қатарына юридикалық шахслар, соның ишинде шет ел юридикалық шахслар, хожалық басқарыўы органлары, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм монополияға қарсы орган ортасында товар ҳәм финанс базарларында бәсекилик тараўындағы қатнасықлардан келип шығатуғын даўлар киреди.
Экономикалық судларға тийисли бәсекиликке байланыслы ислер қатарына, атап айтқанда:
бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған питимлерди (шәртнамаларды) өзгертиў яки бийкар қылыў;
бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған питимлерди (шәртнамаларды) пүткиллей яки қысман ҳақыйқый емес деп табыў;
бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылғанлығы нәтийжесинде алынған дәраматты (пайданы) белгиленген тәртипте өндириў;
таңлаў (тендер) ҳәм биржа саўдаларына байланыслы монополияға қарсы талаплар бузылғанлығы тийкарлары бойынша саўдаларды ҳәм усы саўдалар нәтийжесинде дүзилген питимлерди (шәртнамаларды) ҳақыйқый емес деп табыў;
хожалық жүритиўши субъектлерди мәжбүрий тәризде болыў яки ажыратып шығарыў;
бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузған шахсларға қарата ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў;
монополияға қарсы орган тәрепинен натуўры өндирилген қаржылар ҳәм жәриймаларды қайтарыў;
монополияға қарсы орган тәрепинен бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыўшы қарар қабыл қылыныўы нәтийжесинде жеткизилген зыянды өндириў ҳаққындағы даўлар киреди.
Бәсекиликке байланыслы ислердиң экономикалық судлар судлаўына тийислилиги ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 32 ҳәм 34-статьяларында белгиленген. Оған муўапық, бундай тайпадағы ислер тәреплердиң қәлеўине муўапық тиккелей Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкин.
Бунда соны инабатқа алыў лазым, бундай ислер бойынша судлаўға тийислилик бәсекиликке байланыслы ислерде тәреп есапланатуғын арза бериўшиниң (даўагердиң) таңлаўы бойынша әмелге асырылыўы белгиленген.
Экономикалық судқа тийисли болған бәсекиликке байланыслы ислер бойынша даўагер (хожалық жүритиўши субъект яки монополияға қарсы орган) өз қәлеўине муўапық, жуўапкер жайласқан жердеги районлар аралық, район (қала) экономикалық судына яки Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына мүрәжат қылыўы мүмкин.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды судьясы: Н.Балтабаева