Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-март күнги «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеӯ, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуӯатлаӯ системасын жетилистириӯ
ис-илажлары ҳаққында»ғы ҳәм де 7-март күнги «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуӯатлаӯға байланыслы жумысларды және де жетилистриӯ ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманларының орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде Шымбай районында 25-26 апрель күнлери аӯыл ҳәм мәкан пукаралар жыйынларының ҳаял-кызлар белсендилери ушын 3 басқышлы арнаӯлы оқыӯ курсы шөлкемлестирилип, 4 сектор басшылары, мәкеме ҳәм кәрхана басшылары тәрепинен окыӯ реже дәстүри тийкарында оқытылмақта.