Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-март күнги «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы
ПП-81-санлы Пәрманы ҳәм де 2022-жыл 1-март күнги «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-146-санлы қарары, сондай-ақ , 2022-жыл 7-март күнги «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-87-санлы Пәрманларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы тәрепинен 3 басқышлы оқыў реже дәстүри ислеп шығылған.
Бугин 21-апрель күнинен баслап 2 күн мүддетте Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты академиялық лицейинде оқыў режеси дәстүри тийкарында оқыў курсына аймақлық экспертлер сыпатында бириктирилген район аймағындағы мәкеме ҳәм шөлкемлер басшылары қурамынан дүзилген ўәкиллер қатнасыўында онлайын оқыў курслары өткерилмекте.