Экономикалық суды ҳал қылыӯ қарары, уйғарыӯ, қарар, суд буйрығы түриндеги суд ҳүжжетлерин қабыл етеди.
Биринши инстанция судында исти мазмунан көриӯ нәтийжелери бойынша ҳал қылыӯ қарары қабыл етиледи.
Апелляция ҳәм кассация шағымларын (протестлерин) көриӯ нәтийжелери бойынша апелляция ҳәм кассация инстанциялары судлары болса қарар қабыл етеди.
Нызамшылық пенен судлардың ӯәкиллигине берилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы исти көриӯ нәтийжелери бойынша қарар қабыл етеди.
Кредитордың сөзсиз талапларына байланыслы арзаны көрип шығыӯ нәтийжелери бойынша суд буйрығы шығарылады.
Ис мазмунан шешилместен қабыл етилетуғын суд ҳүжжетлери уйғарыӯлар түринде шығарылады.
Суд ҳүжжетлери мәлимлеме системасынан пайдаланылған халда электрон ҳүжжет тәризинде түрлендирилиӯи мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
15-статьясына тийкар нызамлы күшине кирген суд ҳүжжетлери бәрше мәмлекетлик уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыӯ уйымлары, басқа уйымлар, жәмийет бирлеспелери, кәрханалар, мекемелер, шөлкемлер, лаӯазымлы шахслар ҳәм пуқаралар ушын мәжбүрий есапланады ҳәмде усы ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасының бәрше аймақларында орынланыӯы лазым.
Суд ҳүжжетлерин орынлаӯдан бас тартыӯ усы Кодексте яки басқа нызамларда белгиленген жуӯапкершиликке себеп болады.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды баслығы З.Д.Бердимуратов