Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестириўге бирден-бир көзқарасты қәлиплестириў, бул мектеплердиң тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм билимлендириў процесине маман басшы ҳәм педагог кадрларды тартыў, қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў, оқытыў ҳәм тәрбиялаў системасын жетилистириў мақсетинде:
1. Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик), Халық билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
а) Агентлик системасында:
2022-жыл 1-сентябрьге шекем министрликлер, уйым ҳәм шөлкемлердиң қарамағында болған билимлендириў мәкемелери негизинде 19 қәнигелестирилген мектеп-интернатларды ҳәм 141 қәнигелестирилген мектеплерди 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;
2023-жыл 1-июньға шекем Халық билимлендириў министрлигиниң қарамағында болған ҳәм жумысы сапластырылған Меҳрибанлық үйлери ҳәм Балалар қалашалары негизинде 5 қәнигелестирилген мектеп-интернатларды ҳәм 3 қәнигелестирилген мектеплерди 3-қосымшаға муўапық шөлкемлестириў;
б) 2022-2024-жылларда Агентлик системасында 25 қәнигелестирилген мектеп-интернатларды 4-қосымшаға муўапық қурыў;
в) 2022-2023-оқыў жылынан баслап Халық билимлендириў министрлиги системасындағы айырым пәнлерди терең оқытыўға қәнигелестирилген мектеплер негизинде айырым пәнлер терең оқытылатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектеплерин шөлкемлестириў;
г) келешекте жаңадан қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди тек ғана Агентлик системасында шөлкемлестириў.
Жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер бир ай мүддетте усы Пәрманның 1- 3-қосымшаларында көрсетилген билимлендириў шөлкемлериниң мүлки, имарат ҳәм объектлерин оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Агентлик системасына өткериў илажларын көрсин.
Министрлер Кабинетине зәрүр жағдайларда, усы Пәрманның 1-4-қосымшаларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң усынысына тийкарланып Агентлик системасында шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң санын арттырыў ҳуқықы берилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаят ҳәкимликлери 2023-жыл 1-январьға шекем Агентлик системасына өткерилип атырған Меҳрибанлық үйлери ҳәм Балалар қалашаларын оңлаў, реконструкциялаў, үскенелеў ҳәм олардың аймағында жаңа оқыў имаратларын қурыў жумысларын жуўмақласын.
2. Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеплер өз жумыс бағдарынан келип шыққан ҳалда, усы Пәрманға муўапық шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге (кейинги орынларда – Агентлик мектеплери) методикалық жәрдем көрсетиўши таяныш мектеп сыпатында бириктирилетуғыны;
Агентлик мектеплерине қабыллаў параметрлери бир класста оқыўшылардың ең көп саны 24 тен артпаўын есапқа алған ҳалда Агентлик тәрепинен белгиленетуғыны;
2022-2023-оқыў жылында Агентлик мектеплериниң анық пәнлер бағдарына қабыллаў 5-11-классларға, тәбийғый пәнлер бағдарына 7-11-классларға, кейинги оқыў жылларында тийислисинше 5- ҳәм 7-классларға әмелге асырылатуғыны;
Агентлик мектеплерине оқыўшыларды қабыллаў анық ҳәм тәбийғый пәнлер, шет тиллер ҳәм логикалық пикирлеў бойынша өткерилетуғын кириў имтиханларының нәтийжелери бойныша әмелге асырылатуғыны;
кириў имтиханлары Агентлик жанындағы Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы тәрепинен халықаралық шөлкемлер ҳәм Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте өткерилетуғыны;
дизими Агентлик тәрепинен тастыйықланатуғын халықаралық, регионаллық ямаса тийкарғы пән олимпиадаларының үшинши (ўәлаят) басқышында жеңимпаз болған (1, 2, 3-орын) улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм басланғыш профессионал билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшылары өзи билим алатуғын аймақта жайласқан Агентлик мектеплерине улыўма қабыллаў параметрлери шеңберинде кириў имтиханысыз оқыўға қабыл етилетуғыны;
Агентлик мектеплериниң билимлендириў процеси Агентлик тәрепинен тастыйықланған оқыў режелери ҳәм билимлендириў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Агентлик мектеплеринде анық ҳәм тәбийғый пәнлер менен бир қатарда Өзбекстан тарийхы пәни тереңлестирилген ҳалда оқытылатуғыны;
оқыўшыларды кәсип өнерге бағдарлаў, оларға кейин ала оқыўын даўам еттириў ушын жоқары билимлендириў мәкемелерин таңлаўда жәрдемлесиў мақсетинде Агентлик мектеплери директорының қәнигелик пәнлери бойынша орынбасары лаўазымы орнына «Мектеп мәсләҳәтшиси» лаўазымы енгизилетуғыны;
Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатларда оқыўшылар ушын аутсорсинг тийкарында бийпул саламат аўқатланыў шөлкемлестирилетуғыны;
Агентлик мектеплерине басшы ҳәм педагог кадрларды жумысқа қабыллаў үш басқышлы таңлаў (таңлап алыў басқышы, тест сынағы ҳәм сәўбет) тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Агентлик мектеплеринде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан хызметкерлердиң мийнет ҳақы фондының 100 проценти муғдарында хошаметлеў қоры қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
3. Агентлик (Х.Умарова) 2022-2023-оқыў жылынан баслап Агентлик мектеплеринде:
оқыў процеси халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында таярланған заманагөй сабақлықлар тийкарында алып барылыўын тәмийинлесин;
оқыўшылар шет тиллерин терең өзлестириўи ушын зәрүр шараят ҳәм билимлендириў орталығын жаратсын, бул процесске сырт ел ҳәм жергиликли педагог кадрларды тартсын;
жасалма интеллект, робототехника, агротехнология, панотехнология, биотехнология, IELTS, TOEFL ҳәм SAT бойынша қосымша курслар шөлкемлестирсин;
оқыўшылардың қызығыўшыларынан келип шыққан ҳалда, тийкарғы оқыў бағдарламалары менен биргеликте класстан тысқары кәсипке бағдарланған әмелий сабақлардың өткерилиўин жолға қойсын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 10- ҳәм 11-класс оқыўшыларына жақын аймақларда жайласқан өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында әмелий сабақлар өткериў тәртибин енгизсин;
билимлендириў ҳәм тәрбия процесслерине ўатансүйиўшилик руўхы, миллий мақтаныш, өз халқына муҳаббат ҳәм садықлық, Өзбекстан тарийхы, илимий-дөретиўшилик ҳәм руўхый-ағартыўшылық мийрасқа ҳүрмет, өзлигин аңлаў, мийнетти сүйиў ҳәм жуўапкершилик, исеним ҳәм мәртлик идеяларының сиңдирилиўине айрықша итибар қаратсын;
оқыўшыларды Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин ҳәм жасларға жаратылып атырған шараятларды терең аңлайтуғын, ҳәр тәреплеме бәсекиге шыдамлы, дүньяға көзқарасы кең, еркин пикир ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе болған шахс сыпатында тәрбиялаў ушын тәсиршең педагогикалық технологиялардан пайдаланыў илажларын көрсин.
4. Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Агентлик системасына өткерилген улыўма орта билим бериў мәкемелериниң таңлаў имтиханларынан өте алмаған оқыўшыларды халық билимлендириў системасындағы басқа улыўма орта билим бериў мектеплерине жайластырыў ҳәм таңлаўдан өте алмаған басшы ҳәм педагог кадрларды жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көрсин.
Агентлик мектеплерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў, заманагөй мебель ҳәм үскенелер, оқыў-лаборатория әсбап-үскенелери, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, мульмедиа ҳәм видео-бақлаў қураллары менен тәмийинлеў – Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар, Мәмлекетлик бюджет қаржылары, Агентлик жанындағы Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў қоры, халықаралық финанс институтларының кредитлери ҳәм грантлары, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев), Агентлик (Х.Умарова), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы Пәрманның 4-қосымшасында көрсетилген Агентлик мектеплериниң 2023-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизилиўин тәмийинлесин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2022-жыл 1-августқа шекем усы Пәрманның 1-2-қосымшаларында көрсетилген Агентлик мектеплерин оңлаў, заманагөй оқыў қураллары, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, мебель ҳәм оқыў-лабораториялары менен тәмийинлеў илажларын көрсин, оқыўшыларға жасаў ҳәм аўқатланыў ушын зәрүр шараятларды жаратсын.
6. Агентлик жанындағы Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў илимий-әмелий орайы (кейинги орынларда – Орай) деп қайта аталсын.
Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелери ушын мәмлекетлик билимлендириў стандарты, оқыў режелери, билимлендириў бағдарламалары ҳәм сабақлық комплекслерин ислеп шығыў ҳәм оларды сатып алыў;
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан өткериў;
билимлендириў тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм мәмлекетимизде енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў, муғаллимлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў ҳәм сертификатлаўды сырт мәмлекетлердиң жетекши илимий-изертлеў мәкемелери менен биргеликте әмелге асырыў;
басшы ҳәм педагог кадрларды үзликсиз кәсиплик раўажландырыў, олардың маманлығын арттырыўға қойылатуғын мәмлекетлик билимлендириў талапларын ислеп шығыў ҳәм халықаралық шөлкемлер менен биргеликте қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў;
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелерин илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер өткериў, изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа кеңнен енгизиў.
7. Агентлик жанындағы Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў илимий-әмелий орайының структурасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Агентлик (Х.Умарова) бир ай мүддетте Орайдың режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
8. Орайға мүлк түрине қарамастан улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери педагог кадрларының билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаўға рухсат етилсин.
а) Орай тәрепинен педагог кадрлардың билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаў барлық талабанлар ушын шәртнама тийкарында әмелге асырылатуғыны;
б) Орай тәрепинен педагог кадрлардың билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаў нәтийжеси бойынша 2 жыл мүддет даўамында әмел ететуғын «Алдынғы муғаллим», «Устаз муғаллим» ҳәм «Профессионал муғаллим» дәрежели сертификатлар берилетуғыны;
в) Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң халықаралық көлемде тән алынатуғын «Алдынғы муғаллим», «Устаз муғаллим» ямаса «Профессионал муғаллим» дәрежели сертификатты алған педагог кадрларға төмендеги муғдарда қосымша ҳақы төленетуғыны:
«Алдынғы муғаллим» дәрежели сертификатты алған педагог кадрларға олардың базалық тариф ставкасына ҳәр айлық 50 процент муғдарында;
«Устаз муғаллим» дәрежели сертификатты алған педагог кадрларға олардың базалық тариф ставкасына ҳәр айлық 70 процент муғдарында;
«Профессионал муғаллим» дәрежели сертификатты алған педагог кадрларға олардың базалық тариф ставкасына ҳәр айлық 100 процент муғдарында;
г) Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелерине «Алдынғы муғаллим», «Устаз муғаллим» ҳәм «Профессионал муғаллим» дәрежели сертификатты алған педагог кадрларды олардың маманлық категориясына карамастан жумысқа қабыллаў ҳуқықы берилетуғыны;
д) Орай Қаржы министрлиги ғазнашылық бөлиминде жеке ғазна есап бетине ийе болатуғыны ҳәм оның жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;
е) Орайдың ҳәкимшилик-басқарыў хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар ҳәм методистлерге Мәмлекетлик тест орайының тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери енгизилетуғыны;
ж) Орайға оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын билимлендириў тараўында хызмет көрсетиўши халықаралық шөлкемлер менен мәлимлеме порталына дағаза жайластырмастан ең оптимал усыныслар таңлаўы арқалы тиккелей шәртнамалар дүзиў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.
9. Агентлик (Х.Умарова):
а) басшы ҳәм педагог кадрлардың билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаў процесине билимлендириў тараўында хызмет көрсетиўши абырайлы халықаралық шөлкемлерди тартсын;
б) Орайда билимлендириў шөлкемлериниң басшы ҳәм педагог кадрлары ушын үзликсиз қәнигелик арттырыў курслары ҳәм методологиялық оқыў семинарларын шөлкемлестирсин;
в) 2022-жыл 1-октябрьге шекем Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларын оқытыў ҳәм олардың билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаў илажларын көрсин;
г) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем қәбилетли балалар менен жумыс ислесиўдиң «Мектеп – Университет – Орай» тутас үзликсиз билимлендириў системасын енгизсин ҳәм усы система шеңберинде:
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў режелери ҳәм билимлендириў бағдарламалары өз-ара үзликсиз байланысқан ҳалда ислеп шығылыўын;
«Жаңа Өзбекстан» университети ҳәм Орай тәрепинен Агентлик системасындағы мектеплерде шеберлик сабақлары, дөгереклер ҳәм жазғы мектеплердиң шөлкемлестирилиўин;
«Жаңа Өзбекстан» университети ҳәм Орайдың профессор-оқытыўшылары ҳәм қәбилетли студентлери Агентлик системасындағы мектеплердиң билимлендириў процесине кеңнен тартылыўын;
Агентлик системасындағы мектеплердиң муғаллимлери «Жаңа Өзбекстан» университети ҳәм Орайға стажировка өтеўге тартылыўын;
Орай тәрепинен фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер өткериўде ҳәм изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўде Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ҳәм студентлериниң белсене қатнасыўын тәмийинлесин.
Агентликке зәрүрликке қарап бюджеттен тысқары қаржылар есабынан Орайдың аймақлық филиалларын ашыўға рухсат етилсин.
10. Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары Агентлик пенен биргеликте ўәкилханаларға бириктирилген аймақларда жайласқан Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелерине сырт елдиң алдынғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде:
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелерине халықаралық билимлендириў бағдарламалары бойынша маман қәнигелерди тартқан ҳалда билимлендириў процесин жетилистириў;
муғаллимлер ҳәм оқыўшыларды тәжирийбе алмасыў бағдарламалары бойынша сырт ел билимлендириў мәкемелерине жибериў;
абырайлы халықаралық жоқары билимлендириў мәкемелериниң грант бағдарламалары тийкарында питкериўшилердиң билим алыўына жәрдемлесиў;
раўажланған мәмлекетлер менен билимлендириў ҳәм илимди жетилистириў бағдарында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў;
дүнья жүзи көлеминде тән алынған, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, медицина, экология, инженерлик ҳәм басқа да тараўлардағы жетекши шөлкемлер менен Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелери арасында бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм буннан былай раўажландырыў;
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған жергиликли қәнигелердиң сырт елдиң алдынғы билимлендириў мәкемелеринде маманлық арттырыўы ҳәм стажировка өтеўин шөлкемлестириў;
муғаллимлер ҳәм оқыўшылардың халықаралық конференциялар, пән олимпиадалары, таңлаўлар, қәнигеликке байланыслы көргизбелерде қатнасыўына жәрдемлесиў;
Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң китапханаларын жетекши сырт ел мәлимлеме-китапхана ресурслары фондларына жалғаў, оларды сырт ел әдебиятлары менен байытып барыў, муғаллимлер ҳәм оқыўшыларға усы китапхана ресурсларынан кеңнен пайдаланыў ушын имканият жаратыў илажларын көрсин.
11. Агентлик системасындағы билимлендириў мәкемелериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша «жол картасы» 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Агентлик (Х.Умарова) басқа да министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте «жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин.
12. Агентликтиң:
Агентлик орайлық аппараты структурасында саламат аўқатланыўды шөлкемлестириў секциясы, ишки аудит хызмети, қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплер менен ислесиў бөлимин ашыў ҳәм Агентликтиң улыўма шекленген штат бирликлериниң санын 80 етип белгилеў;
Агентликтиң шөлкемлестириў структурасында юридикалық тәреп статусына ийе болған ҳәр бири 4 штат бирлигинен ибарат 13 аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлерине зәрүр болған 67 штат бирлигиниң 50 и Халық билимлендириў министрлиги системасындағы, 17 си Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасындағы тийисли штат бирликлерин оптималластырыўдың есабынан қәлиплестирилетуғыны;
Агентликтиң аймақлық бөлимлери хызметкерлерине Агентликтиң тийисли лаўазымларына белгиленген мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылатуғыны белгиленсин.
13. Агентлик (Х.Умарова) еки ай мүддетте Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлерине зәрүр билим ҳәм потенциалға ийе маман жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин жумысқа тартсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2023-жыл 1-январьға шекем жергиликли бюджет қаржылары есабынан Агентликтиң аймақлық бөлимлерин бир жеңил автомобиль менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
14. Халық билимлендириў министрлиги системасындағы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектеплери (кейинги орынларда – пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплер) және мектеп-интернатлардың жумысын шөлкемлестириўдиң сондай тәртиби орнатылсын, оған муўапық 2022-2023- оқыў жылынан баслап:
пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплер және мектеп-интернатлар басқышпа-басқыш улыўма орта билим бериў мектеплери сыпатында қайта шөлкемлестириледи;
пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплер және мектеп-интернатлардың жумысы усы мектеплерде қәнигелестирилген бағдарламалар тийкарында билим алып атырған оқыўшылар оқыўын питкергенге шекем даўам еттириледи;
пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплер және мектеп-интернатларының басшыларына және қәнигелестирилген пәнлерден сабақ өткени ушын педагог кадрларға әмелде белгиленген қосымша үстеме ҳақылар усы мектеплердеги қәнигелестирилген класслардың жумысы жуўмақланғанға шекем сақлап қалынады;
мектеп-интернатларда оқыўшылар белгиленген тәртипте жатақхана ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленеди;
пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплер және мектеп-интернатларда лаборатория ҳәм әмелий сабақларды өткериў, сондай-ақ, айырым пәнлерди тереңлестирилген ҳалда оқытыў ушын қәнигелестирилген пәнлер еки топарға бөлип оқытылыўы мүмкин;
кейинги оқыў жылларында пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын мектеплер ҳәм мектеп-интернатлардың қәнигелестирилген бағдарламалар тийкарында билим берилетуғын классларына қабыллаў әмелге асырылмайды.
15. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте Агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәм қәнигелестирилген мектеплер ҳаққындағы режени тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
16. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы Пәрманға муўапық жаңадан шөлкемлестирилетуғын билимлендириў мәкемелериниң тәмийнатына зәрүр қәрежетлерди:
2022-жылы Агентлик системасына өткерилип атырған билимлендириў мәкемелериниң жоқары туратуғын биринши дәрежели бюджет қаржыларын алыўшыларда босайтуғын бюджет қаржылары және Агентликке Ммәлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың есабынан қаржыландырсын;
2023-жылдан баслап белгиленген тәртипте Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
17. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
18. Агентлик (Х.Умарова) еки ай мүддетте:
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов), билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (У.Ташкенбаев) ҳәм Мәмлекетлик тест орайы (М.Каримов) менен биргеликте 2024-2025-оқыў жылына қабыллаўдан баслап Агентлик мектеплерин питкериўшилерге химия, биология, физика, математика ҳәм мәлимлеме тәхнологиялары тараўлары ушын кадрлар таярлайтуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде жеңиллик бериў бойынша;
мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
19. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Агентлик директоры Х.У.Умарова, халық билимлендириў министри Б.О.Саидов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 14-апрель