Сессияда сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.
Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде
- Районда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша Ишки ислер бөлими тәрепинен 2022-жылдың биринши шереги даўамында алып барылған жумыслар ҳаққында.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январь күнги “Мәҳаллелерде жаслар менен ислесиў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-92-санлы қарарының районда орынланыўы ҳаққында.
- Шымбай районы жергиликли бюджет дәраматларының артықша орынланған бɵлеги есабынан жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў бойынша “Ашық бюджет” мағлыўматлар порталы арқалы ең көп даўыс топлаған усыныслар ушын қаржылар ажыратыў ҳаққында.
- Район аймағындағы ҳәкимият жер қоры есабында бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары, дийхан хожалықларын шөлкемлестириў ушын “Ашық электрон” таңлаўына шығарыў ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасына муўапық “Таз ғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан инглис тал нәллерин егиў ушын жер майданларын ажыратыў мақсетинде “E-AUKSION” электрон платформасына шығарыў ҳаққында.
- Районда артемия цисталарын жетистириў мақсетинде “Кеңес” ҳәм “Қостерек” аўыл пуқаралар жыйынлары аймағынан жер майданларын ажыратыў ҳаққында.
- Район аймағындағы пайдаланыўдан шығып, жарамсыз ҳалға келип қалған жығынды таслаў пунктлери жайласқан орынларды ҳәкимият жер қоры есабына қайтарыў ҳаққында.
- Районда “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбары шеңберинде қаратал, мийўели ҳәм басқа да декатарив терек нәллерин егиў мақсетинде ҳәр бир мәкан ҳәм аўыл пуқаралары жыйынлары аймағынан жер майданларын ажыратыў ҳаққында.
- Районда 2022-жылы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” Бағдарламасын әмелге асырыў ҳаққында.
- Районда “Ҳаяллар дәптери”ниң үшинши басқышына киритилген хожалықлар дизимин ҳәм де олар менен алып барылып атырған жумыслар нәтийжелигин асырыў мақсетинде “Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққында.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2022-жыл 30-март күнги (У.Атамуратовты район ҳәкиминиң орынбасары лаўазымынан босатыў ҳәм П.Орынбаевты район ҳәкиминиң орынбасары лаўазымына тайынлаў ҳаққында) 390- ҳәм 391-Б-санлы Бийликлерин тастыйықлаў ҳаққындаКүн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.