«Орайласқан дәреклер есабынан ипотека ҳәм билимлендириў кредитлери ушын ажыратылатуғын қаржылар бойынша процент ставкаларын белгилеў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Оған бола, Қаржы министрлиги банклерге ажырататуғын ипотека ҳәм тәлим кредитлери ушын процент ставкалары 2022-жылдың ақырына шекем, әмелдеги процентлер, яғный ипотека бойынша 13 процент, тәлим кредити бойынша 10 процент муғдарында сақлап қалынады.
Онда, 10 проценттеги кредитлер кредит алыўшыға 14 проценттен ажыратылады.
Ипотека ҳәм тәлим кредитлери бойынша процентлерди азайтыў Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы 14 проценттен азайғанда қолланылады.