Шымбай районы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими ескертеди

Шымбай районы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими ескертеди

08.04.2022 17:48:04 256 Баспаға шығарыў

Айрым пуқаралар сапасы ҳәм қәўипсизлиги кепилленбеген азық-аўқатлық өнимлерин белгиленбеген орынларда, базарларда халыққа сатыў арқалы пул ислеўге ҳәм тиришилик етиўге ҳәрекет қылады. Әсиресе үй шәрәятында түрли консерва банка өнимлерин таярлап ҳәптениң дем алыс күнлери, байрам күнлеринде саўдаға алып шығады. Бундай консерва өнимлери менен аўқатланыў ақибетинде ҳалық арасында аўқаттан зәҳәрлениў – ботулизм кеселлиги ушырасып турады.

Буның себеби – үй шараятында консерва өнимлерин таярлаўда зәрўр технологик процесслер, санитария нормаларына толық әмел қылынбайды. Нәтийжеде консерваға түскен ботулизм споралары тез раўажланады ҳәм зәҳәрли токсинлер шығарады.

Ботулизм споралары менен зыянланған консерва өнимлериниң сыртқы көриниси ҳәм мазасында өзгерис болмайды. Айрым жағдайларда шиша ыдыстың қақпақлары исинеди. Бундай өнимлер менен аўқатланып зәҳәрленген адамда оның белгилери пайда болыў процеси еки сааттан сегиз-он күнге шекем созылады. Ҳәлсизлик, кеўил айныўы, қусыў, қарын әтирапинда аўырыўдың пайла болыўы, буйымлардың көзге екеў болып көриниўи (диплопия), жутыў ҳәм сойлеўдиң қыйынласыўы, мойын ҳәм аяқ мускуллериниң ҳәлсиреўи кеселликтиң клиник белгилери болып есапланады. Кеселликти ўй шәрәятында өз билгенинше емлеў қатаң қадаған етиледи.

Бундай жағдайда асығыслық пенен шыпакерге мүрәжат етиў керек. Кери жағдайларды кеселликтиң аўыр формалары – жүрек, қан-тамыр ҳәм дем  алыў системасы захымланып, нәтийжеде наўқастың өмирине қәўип туўдырыўы мўмкин.

Сыпат сертификаты, жарнамаларына ийе болмаған, бир сөз бенен айтқанда пайдаланыў ушын жарамсыз есапланған консерва өнимлерин базарларда, көшелерде белгиленбеген нызамсыз саўда расталарында сатылып атырған болса, тутыныўшы есабында бундай өнимлерди сатып алмаўды усыныс етемиз.

Үй шәрәятында алша, қәрели, жүзим, шабдал, ерик сыяқлы мийўелерден мазалы варениелер, қыяр, помидор, капусталардан сырлы ыдысларда дузламалар, мийўелерден  қақлар таярланса мәқсетке муўапық болады.

Сол қатарда тез-таяр болыўшы аўқатлар (Fastfood) лаваш, шаурма, пицца сыяқлы сатып алыўдан алдын сапасына( ийиси, сыртқы көриниси, дәми, консицтенсиясы), таярлаў процесине, таярлаў ҳәм аўқатланыў орнының санитариялық ҳалатына итибар берген халда сатып алыўды ҳәм тутыныўды усыныс етемиз.

 

Шымбай районы санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими қәнийгелери тийисли мәмлекетлик ҳәм жамийетлик шөлкемлер ўәкиллери менен шерикликте базарларда, саўда орынларында, белгиленбеген орынларда ўй шәрәятында таярланған тўрли консерва банка өнимлериниң сатылыўының алдын алыў ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийнлеў мәқсетинде, турақлы рейдлер өткизип келинбекте. Оқыў-тәрбия мекемелеринде ҳәм жәмийетлик орынларда ис алып барып атырған улыўма аўқатланыў орынларында санитария-гигиена қағыйдаларына толық әмел етилиўин тәмийнлеў турақлы итибарда.

Дастурханларымызды толтырыў ҳәм тутыныў ушын заманагөй саўда орынларынан пайдаланыў дурыс болып есапланады. Сатып алынған ҳәр бир азық-аўқат өниминиң сақланыў шәрәятына ҳәм мўддетине қатаң итибар бериў зәрўр. Тутыныў ушын жарамлылық мўддети өткен торт ҳәм кондитер өнимлерин ҳәмде салатларды тутыныў ден-саўлыққа зыян жеткизеди.

Қысқа қылып айтқанда, ҳәр ким өзи ҳәм шаңарақ ағзаларының ден-саўлығына жуўапкер ек

Пайдалы ресурслар
Skip to content