Халқымыз әзелден дөретиўши инсанларды қәдирлеп келген. Олардың дөретиўшилик жумысларын әлпешлеп, өзинен кейинги әўладларға кемшиликсиз жеткериӯге ҳәрекет еткен. Жүреклерден терең орын алған өлмес қатарлар болса, тилден тилге көшип, халық дөретиўшилик мийрасларының ең жақсы ғәзийнесине айналған.
Жақында мектебимизде районлық «Шымбай ҳаӯазы» газетасының бас редакторы Р.Утепбергенов ҳәм усы газетаның фотохабаршысы О.Пирленов оқыӯшылар менен ушырасыӯы болып өтти.
Ушырасыӯда қатнасқанлар газетаның пайда болыӯ тарийхы, басып өткен жолы, бүгинги күнде жумыс алып барып атырған журналистлер, онда жәрияланып атырған мақалалар ҳаққында айтып өтти.
Мағлыӯмат орнында айтып өтиӯ керек, газета 1932-жыл ноябрь айынан баслап, «Ылғаллы» деген атама менен латын имласында шыға баслаған. Дәслеп, Хожели қаласында, соңын ала Шымбайдағы 2-санлы баспаханада қол күши менен басылып шығарылған. Дәӯирлер алмасыӯы менен газетаның аты «Колхозшы», «Колхоз күши», «Колхоз ҳақыйқаты», 1952-жылдың сентябрь айынан баслап «Коммунизм байрағы», 1965-жылдан «Коммунизм нуры», 1991-жылдың июль айынан баслап «Шымбай ҳаӯазы» болып шығып киятыр.
Илаж даӯамында мәмлекетимизде шығып турған газета-журналлар, әдебий китаплар, сондай-ақ, социаллық тармақларда берилип хабарлар ҳаққында сөз болды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан баспасөзиниң бүгинги күндеги жағдайы, газета-журналларда берилип атырған мақалалар, елимизге белгили жазыӯшы-шайырлар тәрепинен шыққан әдебий китаплары менен оқыӯшыларды жақыннан таныстырып өтти.
Илажда оқыӯшылар тәрепинен дөрелген қосық ҳәм мақалалар менен жақыннан танысып, оларға мақала, қосық жазыӯ бойынша түсиндириӯ үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ушырасыӯда оқыӯшылар өзлериниң қызықтырып жүрген сораӯларына жуӯаплар алды.