Сессияда сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.
Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.
Сессияның күн тәртибине тѳмендеги мәселелер қорип шығылды.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы ҳәм ҳәким жәрдемшилери менен 2022-жылдың ферваль айы даўамында орынларда өткерилген үйрениўлер даўамында анықланған машқалалар ҳаққында.
- Жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыссыз пуқараларды кәсипке оқытыў мақсетинде кәсипке оқытыў орайларында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.
- Шымбай районы “Жипек-жолы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Қырық-қыз” көшесиндеги 4 дана жеке тәртиптеги үй-жайлардың ески болғанлығы ҳәм архитектуралық талапқа жуўап бермейтуғынлығы себепли бузыў ҳәм орнына көп қабатлы турақ жайларды қурыў мәселесин көрип шығыў ҳаққында.
- Шымбай районы аймағында жайласқан 18 дана 2 қабатлы көп квартиралы турақ жайлардағы кешки жақтыландырыў үскенелерин районлық Абаданластырыў басқармасы есабына өткериў ҳәм пайдаланылған электр энергиясы төлемлери ушын қосымша қаржы ажыратыў ҳаққында.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары даўамында белгилеп берилген тапсырмалары ҳаққында.
- Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл
28-февралдағы “Шарўашылық ҳәм жипекшилик тараўында
2022-жылда әмелге асырылатуғын баслы ўазыйпалар ҳаққында”ғы 50-санлы мәжилис баянламасының районда орынланыўы ҳаққында. - “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Шымбай районлық бөлими жанындағы “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есап бетине келип түскен қаржыларды жумсаў ҳаққында.
- Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 49-санлы улыўма билим бериў мектебинде бос (вакант) турған директор лаўазымына таңлаў жолы менен талабанларды усыныў ҳаққында.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлериниң баянатлары тыңланды ҳәм сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.