Суд – әдил судлаўдың жоқары шыңы. Судтың ролин асырыў ҳуқықый мәмлекет дүзиў жолындағы нызамлы процесс. Мине усындай көз-қараслар себепли бул тараўдағы ислер көлеми, дәрежеси ҳәм нәтийжелилиги кейинги ўақытта айтарлықтай кеңейип, жана басқышқа көтерилмекте. Әсиресе, суд системасын либералластырыў ҳәм оның ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынша зәрүрли ис-иләжлар избе-излик пенен әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 24-январда парламентке жоллаған Мүражәтнамасында, мәмлекетлик уйымлар басшы хызметкерлери суд ғәрезсизлигин тәмийинлеў мәселеси буннан кейинде Президенттиң өзиниң тиккелей бақлаўында болыўын терең аңлап алыўлары кереклигин айтып өткен еди.
Бул пикирлер мәмлекет басшысының бул тараўда әмелге асырылып атырған жедел өзгерислер барысындағы турақлы позициясын айқын көрсетти.
Президентимиз суд системасы хызметкерлери менен 2017-жыл
13-июнь күни өткерген тарийхый ушырасыўында суд органлары системасында әдил судлаўды тәмийинлеў барысындағы ислердиң ахўалына итибар қаратып, бар машқалалар, өз шешимин таппаған кемшиликлерди ҳәр тәреплеме анализ қылып, сала раўажланыўына тийисли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Себеби, судты, түп тийкарынан «Әдалат қорғаны»на айландырыў арқалы ғана пухаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғай алыў, елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет, пухаралық жәмийетти дүзиў, нызам ҳәм әдиллик орнатылыўын тәмийинлеў мүмкинлиги ҳеш кимге сыр емес.
Кейинги жылларда судлар хызметине заманагой хабар – коммуникация технологияларын енгизиў мәселеси өз алдына дыққат орайында тур. Усы мақсетте арзаларды электрон тәртипте қабыл қылыў, процессуал мүддетлерге әмел етиўи үстинен онлайн мониторинг орнатыў, ислерди инсан факторы араласпаған ҳалда автоматик бөлистириў имканиятын бериўши «Е-XSUD» хабар системасы жаратылды.
Соның менен бирге, судларда видеоконференция байланыс системасы иске түсирилди. Ҳалыққа қолайлықлар жаратыў ҳәм қәрежетти үнемлеў мақсетинде суд мәжилислери усы система арқалы онлайн түрде өткерилмекте.
2020-жылдың 30-июнь күни Президентимиз басшылығында әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор жыйналысында суд системасын және де жетилистириў бойынша өз шешимин күтип турған бир қатар әҳмийетли ҳәм шешилиўи тийис мәселелер додаланды.
Президентимиз коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы реформалардың кейинги басқышында әмелге асырылыўы лазым болған бир қатар ўазыйпаларға тоқтап өтти. Әсиресе, сала ҳәм оның тармақларында санластырыў ислерин әмелге асырыў, тәсири күшли парламент ҳәм жәмийетшилик бақлаўын жолға қойыў, коррупцияға қарсы гүресиўде кадрлар таярлаў мәселесине жетерли итибар қаратыў зәрүрлигин айтып, бул бағдарда анық система жаратыўға тийисли жүдә әҳмийетли усынысларды ортаға тасланды.
Яғный, Президентимиз айтып өткениндей, «Буннан гөзленген мақсет – тилегимиз бир. Олда болса, судья ғәрезсиз болса, нызамға сөзсиз бойсынса, жуўапкершиликти терең түсинсе, еркин ҳәм қалыс болса ғана әдиллик орнатылады».
Президентимиз тәрепинен тастыйықланған «Судьялардың шын мәнисте ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәмде суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы системадағы реформалардың жаңа басқышына тийкар салды.
Усы орында суд системасында жетерли билим ҳәм өмирлик тәжирийбеге ийе болған ылайықлы кадрларды таңлаў ҳәм лаўазымға таярлаў ҳәмде судьялар искерлигин қалыс баҳалаў процессине заманагөй хабар-технологияларын енгизиў, ашықлық ҳәм ашкаралықты тәмийинлеў арқалы пухаралар ҳәм исбилерменлик субъектлердиң суд ҳәкимиятына болған исенимин және де асырыўға жаңаша ҳуқықый негиз жаратылмақта.
Пәрманға көре, судьялар ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў бойынша мәмлекет сиясатының төмендеги 4 тийкарғы бағдарлары белгиленди:
биринши бағдар — судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша кәсиплик искерлигин ҳәр қандай көринистеги сыртқы тәсирлерден нәтийжели қорғай алыўды тәмийинлейтуғын ҳуқықый механизмди жаратыў;
екинши бағдар — судьялыққа кадрларды танлаў, лаўазымға таярлаў, сондай-ақ, судьялар искерлигин баҳалаўда қалыслық ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў, усы процесслерге заманагөй хабар-технологияларын нәўбетпе-нәўбет енгизиў;
үшинши бағдар — судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлери арасында коррупция жағдайының алдын алыў ҳәм анықлаўға тийкарланған системаны жолға қойыў ҳәмде суд системасында анықланған ҳәр қандай коррупциялық ҳәрекетти келисимсиз (муросасиз) жағдай деп баҳалаў;
төртинши бағдар — судьялардың кәсиплик маманлығы, руўхый байлығы ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша комплексли
ис-иләжларды әмелге асырыў арқалы жоқары профессионал судьялар корпусын жаратыў.
Пәрманға тийкар, 2021-жыл 1-февралдан суд системасында коррупция халатларының алдын алыў, Судьялар жоқары кенеси ҳәм суд системасы искерлигинде ашық ашкаралықты тәмийинлеўде биринши мәрте судьялық лаўазымларға кадрлар таңлаў бойынша имтихан процесслери Интернет тармағы, веб-сайт арқалы онлайн тәртибинде жарияланып барылады.
Судьялық лаўазымына талабанлар ҳәм судьялардың психологиялық портрети бойынша кәсибине мүнәсип екенлигин баҳалаўға көмеклесиўши электрон дәстүр-психологиялық тест ислеп шығылады. Судья искерлигиниң нәтийжелилигин электрон рейтинг арқалы ашық-айдын баҳалаўды тәмийинлейтуғын анық факторлар (мезон), атап айтқанда, рейтинг дәстүри тәжирийбеде қолланылады.
Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымға таярлаў ҳәмде судьялар искерлигин қалыс баҳалаў процесслериниң санлы (цифровой) қылыў бийкарға емес.
Бизге белгили, жәмиетте коррупцияның алдын алыўдың
ең тийкарғы факторы жумыс барысында ашық әшкаралықты тәмийинлеў.
Бул ҳақкында сөз болғанда, Президентимиз тәрепинен 2020-жыл
3-сентябрде «Суд ҳәкимияты органлары искерлигин санлластырыў
ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарар қабыл қылынғанын өз алдына айтып өтиў лазым. Усы ҳүжжет судлар искерлигинде заманагөй технологияларды енгизиў арқалы ашық ашкаралықты тәмийинлеў мақсетине қаратылған.
Қарар менен 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты органлары искерлигин санластырыў дәстүри ҳәм судлардың хабар системаларын мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң хабар системалары менен интеграция қылыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.
Нәтийжеде әмелге асырылып атырған иләжлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мүражаат қылыўды еркинлестириў ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканиятын береди.
Келешекте судьялардың психологиялық портрети бойынша кәсибине ылайықлы екенлигин баҳалаўға көмеклесиўши электрон дәстүр ислеп шығылады. Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаўда заманагөй технологиялардан пайдаланыў, өз гезегинде, судьялар корпусын тәжирийбели ҳәм ҳадал-пәк кадрлар менен толтырыўға шараят жаратады.
Буннан тысқары, Пәрманда судьялардың юридикалық жуўапкершилиги мәселесин шешиў пайытында олардың әдил судлаў менен байланыслы искерлигине ҳәр қандай араласыўдың алдын алыў мақсетинде, судьялардың қол қатылмаслығын бузыў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў барысындағы исине араласыў ҳалатлары бойынша Судьялар жоқары кенесиниң орны ҳәм әҳмийети қандай болыў кереклигине өз алдына тоқтап өтилген.
Бунда, Судьялар жоқары кеңеси баслығы тәрепинен:
– прокуратура органларына усыныснама киритиў;
– судьяларды ҳуқық қорғаў органларына гүўа ямаса гүман қылыныўшы сыпатында сораў қылыў ушын шақырыўға тийисли маманлық коллегиялары разылығы менен жол қойыў;
– суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин ҳәм судьяларға қол қатылмаслығын тәмийинлеў;
– әдил судлаўды әмелге асырыўға тосқынлық қылып атырған факторлар ҳәм системада коррупцияға қарсы гүресиў ҳалаты бойынша Кеңес баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентине жыл жуўмағы бойынша есабат бериў тәртиби орнатылып атырғаны дыққатқа ылайықлы.
Бизге белгили, Жынаят кодексиниң 236-статьясында тергеў қылыўға яки суд ислерин шешиўге араласқанлығы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Келешекте судьялардың қол қатылмаслығын бузғанлығы ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў барысындағы искерлигине араласыў ҳалатлары бойынша туўрыдан-туўры Кеңес баслығы тәрепинен прокуратура органларына усыныснама киритилиўи ҳәм усыныстың бир ай мүддет ишинде көрип шығылыўы белгилениўи, бир тәрептен, ишки ҳәм сыртқы араласыўлардың алдын алыўға хызмет қылады.
Екинши тәрептен, бундай ақыл менен жандасыў тийип турыў ҳаққында қатаң ескертиў ҳәм усының менен судлардың еркинлиги әмелде тәмийинлениўине, тийкарғы мақсет болған – адалатлы суд қарарларының қабыл қылыныўына имканият береди.
Судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў бойынша суд инспекциясы тийкарында – «Судьялар қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша суд инспекция»сын дүзиў бойынша ислер басланды. Бул да, судларда коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды жоқ етиў ҳәм оған қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыўға хызмет қылады.
Пәрманға көре, «Үлгили судья» хошамети, «Суд мақтанышы» көкирек нышанлары енгизилмекте. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыўдағы искерлигин бундай тәризде хошаметлеў арқалы жоқары ҳәм жуўапкершиликли қатнасты түп тийкарынан өзгертириўге ерисемиз.
Бул өз гезегинде, судьялар өзлери ушын ел-журтының ҳүрметинен артық жоқары бахыт жоқ екенлигин, напақаға шыққаннан кейинде дыққат итибарда болатуғынын сезген ҳалда хызмет етиўинде тийкарғы фактор есапланады.
Және де әпиўайы қылып айтқанда, бундай әмелий хошаметлер судьялар әдил судлаўды әмелге асырыўда пуқаралар ҳәм исбилермен субъектлердиң нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерин қорғаўын толық тәмийинлеўди ең тийкарғы парыз сыпатында билип, бул исте пидайылық көрсетиўине имканият жаратады.
Кенес жанында, жәмийетшилик тийкарында ис алып барыўшы Судьялар клубы шөлкемлестирилиўи де үлкен итибарга ылайық. Бул клуб әмелдеги материаллық ҳәм процессуал ҳуқық нормаларын туўры қоллаў бойынша усыныслар бериў характерине ийе болған мәслахәтлер ҳәмде судьялардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларын керекли ўақытта қолланылыўы жүзесинен сораўларына түсиндириўлер бериў ҳуқықына ийе болады.
Себеби, судья тек ғана суд исин алып барыў ҳуқықына ийе болған бирден бир ҳуқыққа ийе процессуал шахс, соның менен бирге, ол ең дәслеп жәмийеттеги ең абыройлы инсан. Әсиресе, судьялық мәденияты, судьяның илим-ағартыўшылығы арқалы жәмийетимизде әдил судлаўға ҳүрмет, Конституция ҳәм нызамлар үстинлиги соның менен бирге әдилликке исеним пайда болады.
Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы түп-негизи менен судлар ғәрезсизлигин жәнеде беккемлеў, әдил судлаў нәтийжелигин асырыў, пуқаралар ҳәм исбилермен субъектлердиң конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелде толық қорғай алыўына имканият береди. Бир сөз бенен айтқанда, жаңа Пәрман мәмлекетте социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет қылады.
Жынаят ислери бойынша
Шымбай районы судының
баслығы: А.Хожанов