Инвестицияға байланыслы даўлар ҳаққында

Инвестицияға байланыслы даўлар ҳаққында

11.03.2022 15:20:14 249 Баспаға шығарыў

ϴзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимет тәрепинен усы инвестиция  тараўда бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл қылынды.

Ис-иләжлар даўамында ϴзбекстан Республикасы Президентиниң “Судлар жумысын жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин асырыўға байланыслы ис-иләжлер ҳаққында”ғы 2020-жыл 24-июль күнги  Пәрманының 3-бәнти менен ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәмде Саўда-санаат палатасының Жоқарғы суд дүзилмесинде жигирма миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдарда инвестицияны әмелге асырған физикалық яки юридик шахслар яғный ири инвесторлар ҳәмде мәмлекетлик органлардың ортасында жүзеге келетуғын инвестициялық даўлар ҳәмде бәсекиликке байланыслы ислерди көриў ўәкиллиги берилген судлаў қурамын дүзиў ҳаққындағы усынысы мақулланған.

Пәрман менен сондай-ақ, инвестициялық даўлар бойынша ири инвесторлардың, бәсекиликке байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине муўапық усы тайпадағы ислер тиккелей судлаў қурамы тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи;

Қалған инвестициялық даўлар инвесторлардың қәлеўине муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық суды  тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи мүмкинлиги  белгиленген.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Суд қарарларын қайта көриў институты жетилистирилиўи мүнәсебети менен ϴзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы 2021-жыл 12-январьдағы  ϴзбекстан Республикасының Нызамы қабыл қылынды.

Усы Нызам менен ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 25-статьясына киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық, экономикалық судқа инвестициялық даўлар бойынша ислер ҳәмде бәсекиликке байланыслы ислер тийисли есапланады.

Бунда, инвестициялық даўлар бойынша ислер, даў келип шыққан ҳуқықый қатнасықтың қатнасыўшысы юридик яки физикалық шахслар болыўына қарамастан, экономикалық суд тәрепинен көрилиўи белгиленди.

ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 301-статьясына муўапық, инвестициялық даўлар бойынша ислерге төмендегилер киреди:

1) инвестиция шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиў менен байланыслы даўлар;

2) инвестиция шәртнамаларын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўлар;

3) инвестиция шәртнамасының орынланыўы менен байланыслы даўлар;

4) инвестиция шәртнамасынан келип шығатуғын салық, бажыханаға байланыслы, социаллық, экологик миннетлемердиң ҳәм басқа миннетлемердиң инвестор тәрепинен орынланыўы менен байланыслы даўлар;

5) инвестиция шәртнамасы бойынша инвесторға берилген мал-мүлкти талап етип алыў, сондай-ақ бундай шәртнама бойынша неустойка өндириў ҳәм (яки) зыянлардың орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар.

Яғный ЭПКне киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық экономикалық судларға тийисли болған инвестициялық даўлар бойынша ислер қатарына тиккелей инвестиция шәртнамасы менен байланыслы болған яки оннан келип шығатуғын даўлар киреди.

Кодекске киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық, инвестиция жумысының субъектлери (инвестиция шәртнамасының тәреплери) сыпатында бир тәрепинен ϴзбекстан Республикасы (оның атынан мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәҳәллий атқарыўшы ҳәкимиятлар органлары, сондай-ақ ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ўәкиллик берген басқа органлар (шөлкемлер) яки олардың бирлеспелери ўәкиллик қылады), екинши тәрептен пайда алыў мақсетинде инвестиция жумысы объектлерине өз қаржыларын яки тартылған басқа инвестиция ресурсларын инвестиция қылыўды әмелге асырыўшы физикалық яки юридик шахслар (инвесторлар)ды түсиниў лазым болады.

ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 32-статьясы болса инвестициялық даўлар бойынша ири инвестордың, бәсекиликке байланыслы ислер бойынша тәреплердиң қәлеўине муўапық усы тайпадағы ислер тиккелей ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен, қалған инвестициялық даўлар инвестордың қәлеўлерине муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм  Ташкент қалалық суды тәрепинен биринши инстанция суды сыпатында көрилиўи ҳаққындағы норма менен толтырылды.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды судьясы:                                        Н.Балтабаева

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content