Салық жеңилликлериниң қолланыў мүддети узайттырылмақта

Салық жеңилликлериниң қолланыў мүддети узайттырылмақта

28.02.2022 15:12:40 324 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 483-статьясы үшинши бѳлимине муўапық, 2021-жыл 01-майдан 2021-жыл 31-декабрге шекем болған дәўирде Ѳзбекстан Республикасы аймағына ѳсимлик майы, күнгебағар ҳәм зығыр туқымы, соның менен бирге соя дәнесин алып кириў, ѳсимлик майын (пахта майынан тысқары) ислеп шығарыў ҳәм (яки) реализация қылыў бойынша айланбалар қосымша қун салығынан азат етилген.

Усы статьяның тоғызыншы бѳлимине муўапық, 2021-жылдың  10-октябринен 31-декабрине шекем болған дәўирде гѳш (мал, қой, таўық), тири ҳайўанлар (қарамал ҳәм қусшылық) ҳәм оларды сойыўдан алынған ѳнимлерди, картошканы ҳәмде музлатылған балықты реализация қылыў бойынша айланба, соның менен бирге оларды Ѳзбекстан Республикасы аймағына алып кириў қосымша қун салығынан азат етилген.

Ѳзбекстан Республикасының “Пуқаралардың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары кепилликлериниң жәнеде күшейтирилиўи мүнәсебети менен Ѳзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ѳзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы 2022-жыл 09-февралдағы 752-санлы Нызамы менен бул салық жеңилликлериниң қолланыў мүддети 2022-жылдың 30-апрелине шекем создырылды.

Соның менен бирге, Нызамда белгиленген қағыйдалар 2022-жыл 01-январдан баслап жүзеге келген қатнасықларға қарата да қолланылыўы нәзерде тутылған.

Бул салық жеңилликлериниң берилиўи әлбетте исбилерменлик субъектлери искерлигиниң жедел раўажланыўына, оларға қарата салық жүгиниң кемейиўине, соның менен бирге, халықты арзан ҳәм сапалы ѳсимлик майы, гѳш ҳәм картошка менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы                                                  

Спартак Ниязов

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content