Интеллектуал мүлк ҳуқықларын бузғанлық ушын юридик шахслар 54 миллион сумға шекем жәриймаға тартылыӯы мүмкин.
Нызамға муӯапық, өним белгилери, фирма атлары ҳәм санаат мүлкинен нызамға қайшы түрде пайдаланғанлық ушын жәрийма төлеӯ тәртиби бегиленди. Бул болса ҳуқықбузарлықтың жәмийетке, исбилерменге зыян келтирген зыянынан келип шығып, оған нызамлы шара көриӯ, усыған уқсас ҳуқықбузарлықлардың алдын алыӯ имкәниятын береди.
Юридик шахслар бир түрдеги өнимлер ушын өним белгиси, өним келип шыққан орын аты яки алжасыӯ дәрежесине уқсас белгилерден нызамсыз пайдаланған жағдайда, оларға базалық есаплаӯ муғдарының 100 есесинен
200 есесине шекем жәрийма салынады.
Сондай-ақ, юридик шахслар фирма атынан нызамсыз пайдаланғанлығы ушын базалық есаплаӯ муғдарының 100 есесинен 200 есесине шекем жәриймаға тартылады.
Алдын, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекси 177-статьясына тийкар өзгениң өним белгисинен, хызмет көрсетиӯ белгисинен, өним келип шыққан орны атынан яки фирма атынан нызамға қайшы рәӯиште пайдаланғанлығы ушын пуқараларға базалық есаплаӯ муғдарының
5 есесинен 10 есесине шекем, лаӯазымлы шахсларға болса 10 есесинен 20 есесине шекем жәрийма салыӯға себеп болар еди. Жәрийма муғдарының кемлиги себепли тәсир күши сезилмес ҳәм ҳуқықбузарлық қайта тәкирарланыӯ жағдайлары көплеп ушырар еди.
Сондай-ақ, «ойлап табыӯлар, пайдалы моделлер ҳәм санаат үлгилери ҳаққында»ғы нызамға жәрийма салыӯдың тийкарлары ҳәм тәртибин, сондай-ақ, юридик шахслар тәрепинен санаат мүлки объектлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жәрийма төлеӯ нәзерде тутыӯшы статьялар киритилмекте.
Ендиликте, санаат мүлкиниң тийисли патентленген объектин өз ишине алған өним яки буйымды өзбасымшалық пенен таярлаӯ, пайдаланыӯ, алып кириӯ, сатыӯға усыныӯ, сатыӯ, пуқаралық қатнасығына басқаша киритиӯ яки сол мақсетте сақлаӯ юридик шахсларға базалық есаплаӯ муғдарының 100 есесинен 200 есесине шекем (27 миллион сумнан 54 миллион сумға шекем) муғдарында жәрийма салыӯға себеп болады.
Интеллектуал мүлк объектлери ҳуқықбузарлығы ушын жәрийма муғдарының белгилениӯи пуқаралардың өзгелер ҳуқықын ҳүрмет қылыӯ, әсиресе өним белгилер, пайдалы модел, санаат үлгилеринен ҳуқық ийеси рухсатысыз пайдаланыӯдың алдын алыӯға хызмет етеди.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды баслығы З.Бердимуратов