Алдаўшылық жынаятыныӊ түсиниги

Алдаўшылық жынаятыныӊ түсиниги

24.02.2022 12:03:15 184 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги күнде алдаӯшылық жынаятларыныӊ саны жылдан-жылға өсип баратырғаны, базы бир жынаятшылар оны кәсип етип алғаны ҳеш кимге сыр емес. Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 53-статьясында, “Базар мүнәсибетлерин раӯажландырыӯға қаратылған Өзбекстан экономикасыныӊ тийкарын ҳәр түрли формалардағы мүлк болып есапланады.
Мәмлекетлик тутыныӯшылар ҳуқықы үстинлигин есапқа алып, экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиӯ еркинлиги, барлық мүлк формаларыныӊ теӊ ҳуқықлығын ҳәм ҳуқықый тәрептен қорғалыӯы кепилленеди. Жеке мүлк басқа мүлк формалары сыяқлы мәмлекет қорғаӯында болып есапланады.
Мүлкдар тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте ғөана мүлкинен айырыӯы мүмкин ” деп белгиленген.
Алдаӯшылық мүлкке қарсы қаратылған жынаятлар ишинде еӊ көп тарқалғанларынан бири болып, алдаӯ яки исенимине кириӯ жолы менен өзгениӊ мүлкин яки өзгениӊ мүлкий ҳуқықын қолға киритиӯден ибарат.
Алдаӯшылық жынаятыныӊ объекти өзгениӊ мүлки болып есапланады. Алдаӯшылықтыӊ предмети өзгениӊ мүлки яки мүлкке болған ҳуқықы болып есапланады. Мүлкке болған ҳуқық, әдетте, ҳәр түрли ҳүжжетлерде беккемленген болады.
Объектив тәрептен алдаӯшылық алдаӯ яки исенимине кириӯ жолы менен өзгениӊ мүлкин яки өзгениӊ мүлкий ҳуқықын қолға киритиӯден ибарат болады.
Алдаӯшылық та алдаӯ дегенде, айпкер тәрепинен, биле турып, ҳақийқатқа дурыс келмейтуғын жалған мағлыӯматлар хабар қылыныӯы яки ис жағдайы бойынша мүлкдар, мүлктиӊ басқа йиесине мәлим қылыныӯы лазым болған ҳақийқий фактлерин жасырыӯ ямаса бундай шахсларды жолдан урыӯға қаратылған қастан исленген ҳәрекетлер түсиниледи.
Алдаӯшылықты ислеӯде айпкер шахс ҳәкимият ӯакили формасын кийип алыӯ яки оныӊ гуӯаҳнамасын қәлбекилестириӯ жолы менен өзин басқа шахс қылып көрсетиӯи ҳәм усы жол менен өзгениӊ мүлкин алыӯы мүмкин.
Алдаӯшылықтыӊ талан-тараждағы урлық, тонаӯшылық, басқыншылық формаларынан парқа сонда, алдаӯшылықта жәбирлениӯшиниӊ өзи мүлкин айпкерге исенгени яки алданғаны себепли ихтиярий түрде берип жибериледи.
Алдаӯшылықта исенимине кириӯ дегенде, айпкердиӊ мүлкдар, мүлктиӊ басқа йиеси яки мүлкти үшинши шахсларға берип жибериӯ ҳаққындағы қарар қабыл қылыӯға ӯәкилликли басқа шахслар менен исенимли қатнасықлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыӯы түсинилиӯи лазым. Исенимге түрли жағдайлар, мәселен, айпкер шахстыӊ хызмет статусы яки оныӊ жәбирлениӯши менен жеке яки ағайиншилик мүнәсибетлери себеп болыӯы мүмкин. Алдайтуғын адам ниетине ерисиӯ ушын ағайиншилик, дослық мүнәсибетлерден ҳәм пайдаланыӯы мүмкин.
Мүлкти йиелеӯге қаратылған алдаӯшылық, бул мүлк айпкер яки басқа шахслардыӊ нызамсыз йиелигине өткен ҳәм олар оннан қәлеген түрде пайданыӯ яки йиелеӯ реал имкониятына йие болған ӯақыттан тамам болған деп есапланады. Нызамға көре, шахс банктеги пул ғәрежетлерин олар оныӊ банктеги есап бетине келип түскен (өткизилген) ӯәқыттан баслап реал йиелик етиӯ имканиятына йие болғанлығы себепли, жынаят бул ғәрежетлер оларды пул йиеси есап бетинен алдаӯ яки исенимине кириӯ жолы менен алған шахстыӊ яки басқа шахстыӊ банктеги есап бетине өткерилген ӯақыттан тамам болған болып есапланады.
Субъектив тәрептен алдаӯшылық тўуры қастан ғәраз мақсети менен исленеди, ғәрезлик мақсетини алдаӯшылықтыӊ зәрүрий белгиси есапланады. Алдаӯшылық жынаятыныӊ субъекти 16 жасқа толған ҳар қандай физикалық шахс болады.
Жоқарыда алдаӯшылық жынаяты жүзесинен түсиник берип өтиӯден мақсет, алданып қалмаӯ ушын пуқараларымыздыӊ бул ҳаққында ҳуқықый сана сезимин асырыӯ, оларды қыйин жағдайға түсип қалыӯыныӊ алдына алыӯға қаратылған.
Бирақ, алдаӯшылық жынаятына қарсы гүресиӯ барысында тек ғана ҳүкиметимиз, ҳуқық қорғаӯ уйымлар, бәлки ҳәр бир пуқараныӊ миннети есапланады.

Султанмурат Давлетмуратов,
Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ судьясы.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content