«Қызыл-өзек» ҳәм «Тағжап» аӯыл пуқаралар жыйыны фермерлери белсенди

«Қызыл-өзек» ҳәм «Тағжап» аӯыл пуқаралар жыйыны фермерлери белсенди

17.10.2020 18:45:19 582 Баспаға шығарыў

Гүзги зүрәәттиң қандай болыўы жыл даўамында дийқанның ислеген мийнетине байланыслы. Усы ҳақыйқатты аңлаған Шымбай районындағы «Қызылөзек» аӯыл пуқаралар жыйыны фермерлери атап айтқанда пахта ҳәм ғәлле жөнелисиндеги 34 фермер хожалығынан бүгинги күнге келип 25 фермер хожалығы мәмлекетлик шәртнаманы артығы менен орынлады.

 

Сондай-ақ «Тағжап» аӯыл пуқаралар жыйыны фермерлери пахта ҳәм ғәллешилик жөнелисиндеги 20 фермердең 18 фермер мәмлекетлик шәртнамаларын толық орынлаӯға еристи.

 

Усы мүнәсибет  пенен «Қызылөзек» ҳәм «Тағжап»  аӯыл пуқаралар жыйында  хожалықларында  илаж болып өтти.

Оған Каракалпакстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, ҳəм район хәкими П.Ещанов қатнасты.

Илажда аймақ аӯыл пуқаралар жыйыны жәмәәтине  ҳəм теримшилерге баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content