Байрам кешеси болып өтти

Байрам кешеси болып өтти

15.02.2022 15:50:32 324 Баспаға шығарыў

15-февраль күни Аўғанстаннан бурынғы аўқам әскерлериниң алып шығып кетилгенине 33 жыл толады.Усы сәне  мүнәсибети менен  бүгин  районда салтанатлы байрам илажы болып өтти. Дәслеп район орайындағы  «Ҳәсиретли  Ана» естелигине гүл шеңберлери қойылды.Оған  район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм  райондағы бир қатар жаўынгер ветеранлар кең жәмийетшилик қатнасты. Буннан соң ветеранларға байрам дәстурханы жайылып, онда шығып сөйлеўшилер, Ўатанымызда ҳүким сүрген тынышлықтың қәдирине жетиў, жасларымызды ўатанымызға садық етип тәрбиялаў ҳәм сол ўақытлардағы көрген қыйыншылықларын айтып өтти.

Байрам районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған  концерт бағдарламалары менен даўам етти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content