Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги отыз үшинши сессиясы болып өтти
Сессияда сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.
Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.
- Районда «Ҳаяллар дәптери»ниң 3-басқышын шөлкемлестириў ҳаққында.
- Район аймағындағы ҳәкимият жер қоры есабында бос турған жер майданларын кластер ҳәм фермер хожалықларына ижәраға бериў ҳаққында.
- Шымбай районы Финанс бөлими тәрепинен 2021-жыл даўамында район жергиликли бюджетиниң орынланыўы бойынша ҳәм 2022-жыл 1-январь жағдайына анықланған еркин қалдық қаржыларынан пайдаланыў жөнелиси бойынша алып барған жумыслары сондай-ақ жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм де орынланыўын мониторинг қылыў бойынша ҳәм бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша исши комиссияның 2021-жыл даўамында алып барған жумыслары ҳаққында.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2022-жыл январь айы даўамында алып барылған жумыслары ҳәм де аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери менен орынларда өткерилген үйрениўлер нәтийжелери ҳаққында.
- Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң 2021-жыл 4-май күнги 25/135-санлы шешими менен тастыйықланған “Шымбай районы бюджети қарежетлерин жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў тәртиби ҳаққында”ғы Режеге өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.
- Шымбай районы Халық билимлендириў бөлиминиң 2022-жылдың
8-февраль күнги Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине жоллаған
01-01-116-санлы усыныс хатын көрип шығыў ҳаққында.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2022-жыл 4-февраль күнги 366-Б-санлы бийлигин тастыйықлаў ҳаққында.
- Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты баслығы Р.Жумамуратовты ийелеп турған лаўазымынан босатыў ҳаққында.
- Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Р.Жумамуратовтың депутатлық ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққында