Шымбай районы ҳәкимлигинде төрт сектор басшылары қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти. Қабыллаўда пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды.
Болып өткен қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орында өзиниң унамлы шешимин тапты.