Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик суд қорғаўында

Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик суд қорғаўында

08.02.2022 17:25:22 135 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимизде суд системасын демократластырыў, судлар искерлиги ашықлығын тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмәәтшилик ролин күшейтириўге қаратылған салмақлы ислер әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқықларын қорғаўда судлардың, айнықса ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў, оларды пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў зәрүр болып есапланады.

Жәмийетте ҳәкимшилик судларға болған исенимди жәнеде асырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар тәрепинен суд қарарлары орынланыўы үстинен бақлаўдың тәсиршең механизмлерин жәрия етиў талап етиледи.

Ҳәкимшилик судлардың биринши нәўбеттеги ўазыйпасы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларында нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бир қатарда олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен                  2022-жыл 29-январь күни «Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәмде халықтың судларға болған исенимин жәнеде асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 107-санлы қарары қабыл қылынды.

Бул Президент қарары менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәмде мәпдар министрлик ҳәм мекемелерге төмендеги тәртиплерди процессуал нызам ҳүжжетлерине  киритиў тапсырылды:

ҳәкимшилик суд ислерин жүритиўди “судтың актив қатнасыўы” принципи тийкарында әмелге асырыў, бунда ҳәкимшилик судларға истиң ҳақыйқый жағдайларын анықлаў ушын өз басламасы менен дәлиллерди жыйнаў миннетлемесин жүклеў, ҳуқықы бузылған пуқара яки исбилерменлик субъектине болса, дәлиллерди жыйнаўда тек өз имкәнияты шеңберинде қатнасыўға шәраят жаратыў;

ҳуқықы бузылған пуқара яки исбилерменлик субъектине ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын тартыс пенен бирге оған себепли байланыста болған зыянды өндириў талабын ҳәм ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын усыныў ҳәмде бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлар ўәкиллигине өткизиў;

ҳәкимшилик судлардың ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша ҳал қылыў қарарлары мәмлекетлик уйымлар яки шөлкемлер тәрепинен орынланбаған тәғдирде, олардың лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймаларын қолланыў;

ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарасыўға ерисиў механизмлерин енгизиў.

Жәмийетте ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў, оларды пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў мақсетинде төмендегилер белгиленди:

тәреплерге, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда, ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислер бойынша келисим питимин дүзиў ҳуқықын бериў;

мәмлекетлик уйымлар яки шөлкемлери ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ис бойынша ҳал қылыў қарарын ол нызамлы күшке кирген күннен баслап бир ай даўамында орынлаў ҳәмде бул ҳаққында ҳәкимшилик судқа хабар бериў;

мәмлекетлик уйымлар яки шөлкемлер тәрепинен ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ис бойынша суд ҳүжжети орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар яки шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймасын қолланыў;

мәмлекетлик уйымлар яки шөлкемлер тәрепинен ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ис бойынша ҳал қылыў қарарының тәкираран орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар яки шөлкемлериниң лаўазымлы шахсларына қарата дәслеп қолланылған суд жәриймасын асырылған муғдарда қолланыў.

Сондай-ақ, бул қарар менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Судьялар жоқарғы кеңесиниң төмендегилерди нәзерде тутыўшы усыныслары мақулланды:

судлар тәрепинен даўа арзасы, арза ҳәмде шағымды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыл қылыўдан бас тартыў яки ис бойынша ис жүритиўди қысқартыў, бунда даўа арзасы, арза, шағым яки исти оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткизиў;

ҳәкимшилик судтың нызамлы күшке кирген ҳал қылыў қарарында анықланған жағдайлар басқа исти көрип атырған пуқаралық ислери бойынша суд ушын мәжбүрий есапланыўын белгилеў;

бир суд иси шеңберинде айырымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық ислери бойынша судына тийисли болған бир неше талапты бирлестириўди қадаған етиў.

Жуўмақлап айтқанда, қарарда пуқаралар ҳәмде исбилерменлердиң ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин кушейтириў бойынша әмелге асырылыўы белгиленген мақсетлердиң орынланыўы инсан мәплериниң нызамлы қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қ. Кыпшакбаев

Қарақалпақстан Республикасы

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик

судының судьясы

Пайдалы ресурслар
Skip to content