Елимизде адамларға қолай шараятлар жаратыў, олардың бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў жолында көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәселен пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў ҳәм оны сол орында сапластырыў иләжларын көриў соның менен бирге орынларда көшпели қабыллаўлар өткериў арқалы халықтың арасына кирип барыў усылар қатарынан.
Бүгин Шымбай районы ҳәкимлигинде төрт сектор басшылары қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти. Қабыллаўда пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар көрип шығылды.
Атап айтқанда, «Майжап» аӯыл пуқаралар жыйыны турғыны Темирбаева Ақсунгүл жумыссызлық машқаласы менен мүрәжат еткен еди. Ақсунгүлдиң машқаласы унамлы шешилип 10-санлы мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемине жумысқа орналасты.
Сондай-ақ «Көнши» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Батирова Сулыӯхан ишимлик суӯы бойынша ҳәм денсаӯлығы төмен екенлиги жөнинде мүрәжат етти. Бул мүрәжатта район басшылары тәрепинен унамлы шешилди. Пуқара ишимлик суӯы менен тәмийнленди ҳәм денсаӯлығын толық тиклеӯ ушын районлық медицина мекемеси тәрепинен емлениӯи ушын имканиятлар жаратылды.
Жәнеде «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Жийемуратов Балтабайдың мүрәжаты бойынша районлық медициналық бирлеспеге денсаӯлығын толық тиклеў ушын жайғастырылды. Ал, «Кеңес» аӯыл пуқаралар жыйындағы биринши топар майыбы Есбосын Атамуратов майыплар арабасы керек екенлигин айтып мүрәжат етти ҳәм пуқара майыплар арабасы менен тәмийинленди.
Болып өткен қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орында өзиниң унамлы шешимин тапты.