Шымбай районындағы ϴзбекстан Республикасы Бас министриниӊ Исбилерменлердиӊ мүрәжатларын кɵрип шығыў қабыллаўханасына ɵткен 2021-жыл даўамында 147 мүрәжат түстти, буннан 152 мәселе кɵрип шығылды, Соннан 91 мәсле қанаатландырылып, 61 мәселеге ҳуқықый түсиниклер берилди.
Бас Министр қабыллаўхасына 56 мүрәжаат, көшпели қабыллаӯларда 38 мүрәжаат,
Call-марказ (Исеним телефон) арқалы 46 мүрәжаат, «business.gov.uz» порталы арқалы 7 мүрәжатлар қабыл қылынды.
Орынлаўға алынған мәселелер толығы көрип шығылып қадағалаўға алынды.
120 мәселе район дәрежесинде, 32 мәселе Қарақалпақстан Республикасы дәрежесинде кɵрип шығылды.
Усы келип түскен мүрәжатлардағы мǝселелер анализ қылынғанда тɵмендегише:
-Банк кредитлери мǝселелери бойынша 63;
-Жер, кадастр ҳǝм архитектура, қурылыс мǝселелери бойынша 7;
-Салық мǝселеси бойынша 4;
-Имәрат ажыратыў ҳәм ижара бойынша 2;
-Басқа мǝселелер бойынша 76 мәселелер кɵрип шығылды.
Банк кредитлери мǝселелери бойынша 63 мәселеден 31 мәселе унамлы шешилди, 32 мәселеге ҳуқықый түсиниклер берилди.
Жер, кадастр ҳǝм архитектура, қурылыс мǝселелери бойынша келип түскен 7 мәселеден 3 мәселе унамлы шешилди, 4 мәселеге ҳуқықый түсиниклер берилди.
Салық мǝселеси бойынша келип түскен 4 мәселеден 2 мәселе унамлы шешилди, 2 мәселеге ҳуқықый түсиниклер берилди.
Имәрат ажыратыў ҳәм ижара бойынша келип түскен 2 мәселеден 2 мәселе унамлы шешилди.
Басқа мǝселелер бойынша келип түскен 76 мәселеден 53 мәселе унамлы шешилди, 23 мәселеге ҳуқықый түсиниклер берилди.
Исбилерменлер ҳәм шет ел инвесторларының мүрəжатлары менен ислесиўди сапалы əмелге асырыў, туўрыдан-туўры байланысты тəмийинлеў, олардың нызамлы талапларын жүзеге шығарыў ҳəм исбилерменлик субъектлерине болып атырған бюрократиялық тосықларды унамлы шешиў иләжларын еледе күшейттиремиз.
Шымбай районындағы ϴзбекстан Республикасы
Бас министриниӊ Исбилерменлердиӊ мүрәжатларын
кɵрип шығыў қабыллаўханасы баслығы М.Сейтов