Судланғанлық халатының тамамланыўы ҳәм алып тасланыўы бойынша нызамшылықты қоллаў бойынша суд әмелияты

Судланғанлық халатының тамамланыўы ҳәм алып тасланыўы бойынша нызамшылықты қоллаў бойынша суд әмелияты

14.10.2020 09:53:57 558 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 77-статьясына муўапық, судланғанлық халаты, жаза тайынланған суд ҳүкими нызамлы күшине кирген күннен баслап, ол тамамланған яки алып тасланғанғанға шекем даўам етеди.

Жынаят нызамында шахс судланбаған болып есапланатуғын халлар көрсетилген, төмендеги жағдайларда шахс судланбаған болып есапланады, егер оның қарсысына:

жаза тайынланбаған халда айыплаў ҳүкими шығарылған(ЖК 70, 71, 76-статьялары) ямаса шахсбир ўақыттың өзинде тийкарғы ҳәм қосымша жазадан биринши, апелляция, кассация яки бақлаў инстанциясы суды тәрепинен азат етилген(ЖК 69,79, 76-статьялары) болса;

медициналық характердеги мәжбүрлеў шаралары қолланылған болса (ЖК 94-статьясы)

Төмендеги асасларға көре жынайый жуўапкершиликтен азат етилген шахста судланбаған шахс болып есапланады:

жуўапкершиликке тартыў мүддетиниң өтип кеткенлиги мүнәсийбети менен (ЖК 64-статьясы);

қылмыс яки шахс жәмийетлик қаўиплилигин жоғалтқанлығы мүнәсийбети менен(ЖК 65-статьясы);

айыпланыўшы өз қылмысына әмелде пушайман болғанлығы мүнәсийбети менен(ЖК 66-статьясы);

жынаят сәдир еткен шахс жәбирлениўши менен жарасқанлығы мүнәсийбети менен;(ЖК 661-статьясы);

жынаят сәдир еткен шахс кеселлиги себепли(ЖК 67-статьясы);

амнистия акти қолланылғанлығы мүнәсийбети менен(ЖК 68-статьясы);

судланғанлық халатының жынаят ҳуқкықый ақыбетлери судланғанлығы тамамланбаған ҳәм алып тасланбаған шахс тәрепинен жаңадан жынаят сәдир еткен халда келип шығады ҳәм төмендегише көрсетиледи:

судланғанлық қатар жағдайларда жынаят квалификацияға тәсир етиўши, яғный жынайый жуўапкершиликти күшейттириўши халат есапланады;

судланғанлық анық белгиленген жағдайларда шахсты өте қаўипли рецивист деп табылыўына асас болады(ЖК 34-статьясы);

судланғанлық, егер шахс бурын еркинен айырыў тәризиндеги жазаны өтеген болса, жазаны орынлаў колониясы түрин белгилеў ушын әҳмийетке ийе болады(ЖК 50-статьясы);

судланғанлық, жазаны аўырластырыўшы халат сыпатында тәсир етеди
(ЖК 56-статьясы);

илгери сәдир етилген жынаяты ушын жаза өтеп атырған шахс тәрепинен жаңадан жынаят сәдир еткен жағдайларда, ҳүкимлер жыйындысы бойынша жаза белгилеўде судланғанлық аўырырақ жазалар қолланылыўына себеп болады.
(ЖК 60-статьясы);

тамамланбаған ҳәм алып тасланбаған судланғанлық халатыныңбар болыўы айырым асаслар бойынша, мысалы, айыпланыўшы өз қылмысына әмелде пушайман болғанлығы(ЖК 66-статьясы), айрықша жағдайларда болса(аўыр ҳәм өте аўыр жынаятлар ушын судланғанлық халаты бар болғанда), жынаят сәдир еткен шахс жәбирлениўши менен жарасқанлығы (ЖК 661-статьясы) мүнәсийбети менен жуўапкершиликтен азат етиўге тосқынлық қылады.

Судланғанлық ҳалатының жынаят-ҳуқықый ақыбети жазадан азат етиў
(ЖК 71-статьясы), шәртли ҳүким (72-статьясы), жас өспиримге шахстың қарсысысына мәжбүрлеў шараларын қоллаў (ЖК 87-статьясы) сыяқлы шараларды қоллаў ушын материаллық нызамда тақиқ бар жоқлығында да пайда болады.

Нызамда судланғанлық халатының жоқ болыўы тек қана еки халатта – оның тамам болыўы ҳәм алып тасланыўы нәзерде тутылған.(ЖК 77-статьясы 4-бөлими).

Судланғанлық халатының тамамланыўы шахстың судланғанлығы факти менен барлық жаза түри ҳәм мүддетинен келип шыққан халда ЖК 78-статьясында нәзерде тутылған мүддетлер өткенлиги нәтийжесинде автоматик тәризде жоқ болыўын аңлатады, бундай халларда судланғанлығы тамамланған шахс, оның мийрасқоры, нызамлы ўәкили яки адвокаты илтимаснамасына көре ҳүким шығарған суд тәрепинен судланғанлық халаты жоқ екенлиги фактин тастыйықлаўшы мағлыўматнама бериледи, буның ушын мәпдар шахс тәрепинен судқа усынылған ишки ислер органлары мағлыўмат орайы мағлыўматнамасы ҳәм жаза өтелгенлигифактин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер асас болады.

Судланғанлықтын алып тасланыўы оннан келип шыққан ҳуқықый ақыбетлер судланғанлық халаты жоқ болыўы ушын нызамда белгиленген мүддетлер өткенгенге шекем суд қарарына асас тамамланыўын аңлатады.

Судланғанлықтың алып тасланыўы ушын шахстың жаза өтеп шыққаннан кейинги жақсы минез-ҳулқы,(оның қарсысысна ҳәкимшилик жаза ҳәм интизамий тәсир шарасы қолланылмағанлығы), жәмийетлик бирлеспеси, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органы, жәмәәт яки шахстың ЖК 79-статьясының биринши, екинши ҳәм үшинши бөлимлеринде нәзерде тутылған мүддетлер өткеннен кейин берген илтимаснамасы асас болыўы мүмкин.

Нызам суд тәртибинен тысқары амнистия акти яки афв етиў арқалы судланғанлықты алып таслаў имканиятында нәзерде тутады.

Судланғанлық халатының тамамланыўы ҳәм нызамда белгиленген тәртипте алып тасланыўы жынаятлар жыйындысы, тәкирарланғанлығы ҳәм рецидив жынаят болыўына тәсир етпейди.

Судланғанлық халаты тамамланған яки алып тасланған ўақыттан баслап шахс судланбаған шахс есапланып, усы шахс тәрепинен жынаят сәдир етилгенлик факти ҳәм оның ушын судланғанлық пенен байланыслы барлық ҳуқықый ақыбетлери толық бийкар болады.

Шахс реабилитация қылынғанда, мәмлекет ол жынаят сәдир еткенликте қате айыплы деп табылғанлығын тән алады,судланғанлық халаты алып тасланғанда шахс тәрепинен жынаят сәдир етилгенлиги факти инкар етилмей, тек жынайый жуўапкершиликке тартыў ақыбетлерин мүддетинен илгери тамамлаў ҳаққында қарар қабыл қылынады.

Жынаят кодекси 13-статьясының екинши бөлимине муўапық, қылмыстың жынайыйлығынбийкар ететуғын, жазаны жеңиллестиретуғын ҳәм шахстың ахуалын басқаша тәризде жақсылайтуғын нызам арқаға кайтыў күшине ийе.

Егер сорастырыў, дәслепки тергеў алып барылып атырған, ис судта көрилип атырған яки шахс жаза өтеп атырған дәўирде ол тәрепинен сәдир етилген қылмыс жынайыйлығын бийкар ететуғын нызам қабыл қылынған болса, бундай жағдайда шахс жынайый жуўапкершилик ҳәм жазадан азат етиледи ҳәм қылмыс жынайыйлығын бийкар қылған нызам күшке кирген пайыттан судланбаған болып есапланады, усы қағыйда жазаны өтеп болған, бирақ судланғанлық халатында болған шахсларға да тәсир етеди.

Нызамға муўапық судланғанлық халаты тамамланыўы яки алып тасланыўы мүддетлерин (ЖК78, 80-статьялары)есаплаў тийкарғы ҳәм қосымша жазалар өтеп болынған яки сынақ мүддети өтип болған күннен басланады, мысалы интизамий бөлимге жибериў, еркинен айырыў жазаларына қосымша жаза сыпатында арнаўлы мәнсап ийелеў яки арнаўлы хызмет пенен шуғылланыў ҳуқықынан айырыў менен байланыслы жаза тайынланған болса, бул жаза тайынланған тийкарғы жазаларды өтеўдиң барлық ўақтына тәсир етип, судланғанлық халаты тамамланыўы яки алып тасланыўы мүддетлери болса қосымша жаза өтеп болынған ўақыттан баслап есапланады.

Жәрийма яки мийнет пенен дүзетиў иси жазасына ҳүким қылынып, басқа жаза түрине алмастырылған шахстың судланғанлық халаты тийислигинше ЖКниң
78-статьясының «г, д,е, ж» бәнтлеринде көрсетилген мүддет өтиўи менен тамамланады, бундай халда судланғанлық халатының тамамланыўы ЖК 80-статьясы үшинши бөлимине муўапық ЖКниң 44-статьясының үшинши бөлими яки ЖКниң 46-статьясы төртинши бөлимине көре белгиленген жаза түри өтелген күннен баслап есапланады.

Жынаят кодекси 80-статьясының екинши бөлимине муўапық, еркинен айырыў жазасынан мүддетинен алдын шәртли азат етилген, сондай-ақ, жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылған (ЖКниң 73-74-статьялары) шахстың судланғанлық халаты тамамланыўы мәселелесин шешиўде суд тәрепинен белгиленген жаза мүддетинен емес, еркинен айырыў жазасынан азат етилгенгенге шекем әмелде өтелген жаза мүддетинен келип шығады, бунда судланғанлықтың тамамланыў мүддети еркинен айырыў жазасын өтеў орынларынан мүддетинен илгери шәртли азат етилген шахсқа ЖКниң 73-статьясы қолланылған пайыттан, жазасы жеңилиреги менен алмастырылған шахсқа болса ЖКниң 74-статьясына муўапық белгиленген жеңилирек жаза өтелген пайыттан баслап есапланады.

Жынаят кодекси 80-статьясында белгиленген судланғанлық халаты тамамланыўын есаплаў тәртиби (әмелде өтелген жаза мүддетинен келип шыққан халда жаза өтеп болынған яки жазаны өтеўден азат етилген пайыттан баслап) жеңилирек жазаны нәзерде тутыўшыжаңа нызам нормасына тийкар жаза қысқарттырылған шахсларға да қолланылады.

Жынаят кодекси 80-статьясына төртинши бөлими судланғанлық халатының тамамлаўшы мүддетиниң өтиўи тоқтатылғанда, судланғанлық халаты тамамланыўына байланыслы қағыйдаларды белгилейди.

Жазаны өтеп шыққан шахс судланғанлық халаты мүддети тамамланбай турып жаңадан жынаят сәдир еткен жағдайларда, судланғанлық халатының өтиў мүддети тоқтайды.

Судланғанлық халатын тамамланыў мүддетиниң өтиўи тоқтатылғанда илгери сәдир етилген жынаят ушын судланғанлық халаты мүддети шахс жаңа жынаяты ушын тайынланған жазаны өтеп болғаннан кейин жаңадан өте баслайды, судланғанлық халаты өтип атырған дәўирде, сәдир етилген жаңа жынаят ушын тайынланған жаза аўырырақ болған халлар буған кирмейди, бундай халларда судланғанлық халатының тамаланыў мүддети жаңа жынаят ушын тайынланған жаза мүддетинен келип шығып анықланады.

Жынаят нызам мазмунына көре, судланғанлық халатының тамамланыў мүддети жаза менен, сондай-ақ, бир неше жынаятлар ушын(жынаятлар яки ҳүкимлер жыйындысы бойынша) тайынланған жаза менен тиккелей байланыслы, шахсқа жынаятлар яки ҳүкимлер жыйындысы бойынша (ЖК 59, 60-статьялары) жаза белигилеўде барлық қылмысларының аўырлылығын инабатқа алып, үзил-кесил жаза тайынланыўы себепли, бундай халда судланғанлық халатының тамамланыў мүддети үзил-кесил жаза түри ҳәм мүддетинен келип шығып есапланады.

Егер жынаятлар яки ҳүкимлер жыйындысы бойынша суд тәрепинен ҳәр түрли, ҳәр қайсысы дара-дара орынланатуғын жаза (ЖК 61-статьясының екинши бөлими) тайынланған болса, судланғанлық халатының тамамланыў мүддети жаза тизиминде
(ЖК 43-статьясы) нәзерде тутылған жаза мүддетинен келип шығып есапланады.

Жынаят-процессуал кодекси 544-статьясының биринши бөлимине муўапық, судланғанлықты мүддетинен илгери алып таслаў ҳаққындағы илтимаснама судланғанлық халаты бар болған шахс, оның қорғаўшысы яки нызамлы ўәкилиниң ямаса жәмийетлик бирлеспеси яки жәмәәт тәрепинен жазаны өтеп шыққан шахс жасап турған жердеги судына берилиўи мүмкин.

Судланғанлықты мүддетинен алдын алып таслаў мәселесин ҳал етиўде, суд судланғанлық халаты бар болған шахстың нызамға деген көз қарасы, ҳуқыбузарлық жағдайларының жоқ болыўы, жаза өтеўден азат етилгеннен кейинги минез-хулқы, жумыс орны ҳәм жасаў жеринен унамлы минезлемелер, ишки ислер органы мағлыўмат орайынан мағлыўматнамасы бар болған жағдайларда көрип шығылыўы мүмкин.

Жынаят-процессуал кодекси 544-статьясы төртинши бөлимине муўапық, судланғанлықты мүддетинен алдын алып таслаў ҳаққындағы тәкирарий илтимаснаманы қанаатландырылмағанлығы ҳаққында уйғарыў шығарылғаннан күннен баслап кеминде бир жыл өткеннен кейин берилиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан Республикасы

жынаят ислери бойынша судының

судьясы:                                                                                                   М.Байниязов

 

Жынаят ислери бойынша

Шымбай районы судының

баслығы:                                                                                                  А.Хожанов

Пайдалы ресурслар
Skip to content